Халықаралық бирге ислесиўге байланыслы архив ҳүжжетлери – халық дипломатиясы ушын әҳмийетли дерек

9

Бизге белгили, бүгинги күнде халық дипломатиясы Өзбекстанның сыртқы сиясатын және де байытып, сырт мәмлекетлер менен өз-ара бирге ислесиў байланысларында әҳмийетли қуралға айланып бармақта.

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илимпазлар, шайыр ҳәм жазыўшылар, көркем өнер ғайраткерлери, өнерментлер сыяқлы жәмийетшилик ўәкиллериниң әмелий ис-ҳәрекетлери елимиздиң халықаралық көлемде танылыўы ҳәм абырайының артыўына хызмет етпекте. Олардың жумысына байланыслы архив ҳүжжетлерин үйрениў, таллаў үлкен әҳмийетке ийе.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Халық дипломатиясы орайы, Өзбекстан Республикасының Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети ҳәм “Өзархив” агентлиги менен биргеликте “Халықаралық бирге ислесиўге байланыслы архив ҳүжжетлери – халық дипломатиясы ушын әҳмийетли дерек” атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илаж халықаралық бирге ислесиўге байланыслы архив ҳүжжетлериниң әҳмийети ҳәм халық дипломатиясына қосатуғын үлеси ҳаққындағы зәрүр додалаўлардан ибарат болды.

Дөгерек сәўбетинде Дос қалалар альянсы, Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Тарийх институты, Өзбекстан Миллий университети Тарийх факультети Деректаныў ҳәм архивтаныў кафедрасы, Өзбекстан миллий архивлери, тарийхшы илимпазлар ҳәм миллий мәдений орайлардың ўәкиллери қатнасты.

Илаждың әҳмийетли бөлимлеринен бири архив материаллары көргизбеси болып, онда Өзбекстан кинофотофоно ҳүжжетлери миллий архиви ҳәм Өзбекстан миллий архивиниң сақлаўындағы халықаралық байланысларға байланыслы 40 тан аслам ҳүжжет көрсетилди.

Қатнасыўшылар усы материаллар арқалы Өзбекстанның халықаралық байланыслардағы орны ҳәм халық дипломатиясының раўажланыўын үйрениў имканиятына ийе болды.

Дөгерек сәўбетинде баянатлар арқалы халықаралық байланыслар, тарийхый мийрас ҳәм халық дипломатиясын раўажландырыў бойынша бир қатар жаңа таллаўлар усынылды.

Соның ишинде, халық дипломатиясының әҳмийети, оннан пайдаланыў усыллары ҳәм перспективалары ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Халық дипломатиясы орайының директоры Қ.Собиров халықаралық бирге ислесиўдеги заманагөй тенденциялар ҳәм халық дипломатиясының глобаллық әҳмийети ҳаққында пикир билдирди.

“Өзархив” агентлигиниң директоры У.Юсупов архив иси ҳәм архив материаллары арқалы халық дипломатиясын раўажландырыў имканиятларын мәлим етти.

– Өзбекстанның мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм дүньяға кеңнен үгит-нәсиятлаў бүгин оғада әҳмийетли, – деди Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейиниң директоры Жаннат Исмоилова. – Ең үлкен тарийхый фотосүўретлер бизиң музейде бар.  Сол себепли үлкен көргизбе шөлкемлестириў усынысын билдирмекшимен. Соның менен бирге, сырт елдеги музейлерде де елимиздиң тарийхына байланыслы көплеген фото материаллар, архив ҳүжжетлери бар. Олар менен бирге ислесиўди кеңирек жолға қойыў әҳмийетли. Быйыл Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы кеңнен белгиленеди. Бүгин Өзбекстан жаңа басламаларды алға қойып атырған мәмлекет сыпатында дүньяға танылмақта. Онда тийисли шөлкемлер, сондай-ақ, “Бирлескен қалалар альянсы” структурасы менен бирге ислесиўди күшейтиў айрықша әҳмийетке ийе.

Дөгерек сәўбети жуўмағында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Халық дипломатиясы орайы ҳәм Ташкент қаласындағы “Келешек” орайы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Назокат Усмонова, Ойбек Пардаев (фото), ӨзА