Сенаттың жалпы мәжилиси даўам етпекте

33

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.

Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилистиң кеше болып өткен биринши жумыс күнинде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў, спортты ғалаба ен жайдырыў, жеке мағлыўматларды қорғаў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған нызамлар мақулланды.

Өзбекстанда ислам банкиниң жумысын енгизиў, экологиялық таза аймақлардың ҳуқықый статусын белгилеў, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тараўындағы нызамшылықты жетилистириў мәселелери көрип шығылды.

Нызамшылыққа киргизилип атырған қосымшаға бола, ҳүкимет ағзалығына усынылған шахслар ҳәм ҳәким лаўазымына талабанлар енди өз жумыс бағдарламалары менен бир қатарда коррупцияның алдын алыў бойынша жеке режелерин де усыныўы шәрт етип белгиленбекте.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнинде Өзбекстан менен Венгрия арасында услап бериў ҳаққындағы шәртнаманы ратификациялаў, 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясын әмелге асырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар, социаллық тараўға қәнигелескен мәмлекетлик ҳәм жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў илажларының орынланыўы додаланады.

Министрлер Кабинетине аймақларда инфраструктураны раўажландырыў, қурылыс жумысларын тәртипке салыў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў, алимент өндириў ҳәм төлеў системасын жетилистириў бойынша жиберилген парламентлик сораўлардың нәтийжелери көрип шығылады.

Жалпы мәжилис шеңберинде Конституциялық суд ҳәм Жоқарғы судтың қурамларына өзгерислер киргизиўге байланыслы мәселелер де додаланыўы күтилмекте.

Н.Абдураимова,

Н.Ҳайдаров (фото), ӨзА