Саида Мирзиёева Қазақстан Сенаты Баслығы менен ушырасыў өткерди

14

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Қазақстан Парламенти Сенатының Баслығы Мәўлен Әшимбаев пенен ушырасыў өткерди.


Ушырасыў қызғын ҳәм дослық руўхында болып өтти. Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында жоқары дәрежедеги өз-ара исеним ҳәм тығыз сөйлесиўге тийкарланған қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер 2025-жыл еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли ҳәм нәтийжели басқыш болғанын атап өтти.

Сондай-ақ, парламентлераралық сөйлесиўлерди кеңейтиў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

Ушырасыўда мәмлекетлер арасындағы әмелий бирге ислесиў буннан былай да избе-из беккемленип баратуғынына исеним билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги