Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

19

5-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Он үшинши жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнин сенаторлар парламент жоқары палатасының 2025-жылдағы жумысының нәтийжелери ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатынан келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпаларды додалаўдан баслады.

Бул мәселе бойынша Сенат Баслығы баянат жасап, өткен жыл даўамында Сенат тәрепинен нызамшылық, қадағалаў-таллаў, халықаралық бирге ислесиў, жергиликли Кеңеслер менен өз-ара бирге ислесиў ҳәм халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бағдарларында ерисилген тийкарғы нәтийжелерге тоқтап өтти.

Мәлим етилиўинше, 2025-жылы Сенат тәрепинен 136 нызам көрип шығылып, олардың 130 ы мақулланған. Жаңа конституциялық ўәкилликлерден келип шығып, пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жетилистириў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша 13 нызамшылық басламасы алға қойылған.

Қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде 83 илаж өткерилип, аймақларда халықты қыйнап атырған мәселелер бойынша Ҳүкиметке анық усыныслар киргизилген. Соның ишинде, халықты тәшўишке салып атырған 1,5 мыңнан аслам мәселелер анықланған ҳәм Ҳүкиметке киргизилген усыныс тийкарында оларды шешиў ушын 2026-жылы Мәмлекетлик бюджеттен 2,2 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Сенат халықаралық ҳәм парламентлераралық жумысын жедел даўам еттирди. Сырт елли бирге ислесиўшилер менен көплеген ушырасыўлар өткерилди, абырайлы халықаралық әнжуманлар шөлкемлестирилди.

19 мәмлекет пенен жаңа парламентлераралық бирге ислесиў топарлары шөлкемлестирилген. Бир қатар ири халықаралық илажлар, атап айтқанда, 2025-жыл 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы жоқары дәрежеде өткерилген.

Жергиликли Кеңеслердиң жумысын күшейтиў, депутатлардың потенциалын арттырыў ҳәм мәҳәллелерде машқалаларды шешиўге қаратылған жумыслар әмелге асырылды.

Сенат комитетлери тәрепинен жергиликли Кеңеслер менен аймақлардағы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелерди додалаў ҳәм шешиў бойынша биргеликтеги көшпели мәжилислерди өткериў әмелияты жолға қойылған. Депутатлардың маманлығын ҳәм кәсиплик потенциалын арттырыў мақсетинде 100 ден аслам оқыў семинарлары өткерилген.

Жалпы мәжилисте 2026-жылы Мүрәжатта белгиленген тийкарғы бағдарлар тийкарында нызам дөретиўшилиги, парламентлик қадағалаў, аймақлар менен ислесиў, халық пенен пикирлесиўди және де күшейтиў ҳәм халықаралық байланысларды кеңейтиў ўазыйпалары белгилеп алынды.

Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, бул бағдарлар бойынша анық ўазыйпаларды белгилейтуғын Сенат қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Азық-аўқат өниминиң қәўипсизлиги ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлериниң сапасын ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Бирақ әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлеринде исбилерменлик субъектлериниң турақлы түрде қәўипсиз азық-аўқат өнимин ислеп шығарыў миннетлемеси ҳәм жуўапкершилиги белгиленбеген.

Азық-аўқат өниминиң қәўипсизлигин тәмийинлеў системасының халықаралық талапларға толық жуўап бермеўи нәтийжесинде республикамызда азық-аўқат өнимин пайдаланыў менен байланыслы кеселликлер, аўқаттан зәҳәрлениў жағдайлары бақланбақта, бул болса, өз гезегинде, халықты қәўипсиз азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, тараўда қадағалаўды күшейтиў және өним қәўипсизлигиниң улыўма принциплерин халықаралық талаплардан келип шыққан ҳалда белгилеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.

Нызам менен азық-аўқат өниминиң қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы принциплери, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың тараўдағы ўәкилликлери анық белгиленбекте.

Азық-аўқат өниминиң қәўипсизлиги тараўындағы қатнасықларды муўапықластырыў мақсетинде Азық-аўқат өниминиң қәўипсизлиги бойынша уйымлараралық кеңестиң жумысы жолға қойылыўы нәзерде тутылмақта.

Азық-аўқат өниминиң қәўипсизлигине байланыслы санитариялық илажлар, қағыйда ҳәм нормаларды ислеп шығыў және қолланыў тәртиби санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажларды қолланыў келисиминиң талаплары менен үйлестирилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи халықты қәўипсиз азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге, тараўда мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиўге, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын және азық-аўқат тараўының инвестициялық тартымлылығын ҳәм экспорт көлемин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң жаңа редакциядағы “Дене тәрбиясы ҳәм спорт ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам менен дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары және дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыў мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғыны анық белгилеп берилмекте.

Дене тәрбиясы ҳәм спорт субъектлери қатарына Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, Миллий паралимпия комитети киргизилмекте ҳәм олардың қосымша ўәкилликлери белгиленбекте.

Нызамда паралимпия, сурдлимпия, арнаўлы олимпиада ҳәм көзи әззилер спорт ҳәрекетлерине байланыслы нормалар, спорт федерациялары, клублары ҳәм лигаларының ҳуқықый статусы және жумыс алып барыў тәртиби, оларды реестрге киргизиў ҳәм шығарыў нормалары беккемленбекте.

Сондай-ақ, нызамда тренер, спорт төрешиси ҳәм спорт агентиниң ҳуқықый статусы, ҳуқық ҳәм миннетлемелери де белгиленбекте.

Буннан тысқары, спортта допингтиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тәртиби, спорт жарысларының нәтийжелерине нызамға қайшы түрде тәсир көрсетиўге қарсы гүресиў ҳаққындағы жаңа нормалар киргизилмекте.

Нызамда халықты ғалабалық спортқа тартыў ҳәм ғалабалық спорт илажларын системалы өткерип барыўға итибар қаратылған.

Нызамда мәмлекет тәрепинен спортшы ҳәм тренерге бир мәртелик ҳәм айлық төлем түриндеги қоллап-қуўатлаў илажларының көрилиўи мүмкин екенлиги беккемленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам тараўды буннан былай да раўажландырыўға, дене тәрбиясы ҳәм спортқа байланыслы қатнасықларды системалы шөлкемлестириўге хызмет етеди. Буннан тысқары, бул нызам менен әмелиятта бар анықсызлықлар ҳәм ҳуқықый бослықлар сапластырылады, онда министрликлер ҳәм уйымлардың және жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының тараўға байланыслы ўазыйпалары анық белгилеп қойылған.

Сенаторлар бул нызамды мақуллады.

Жалпы мәжилисте “Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстанда жумыс алып барып атырған программист-фрилансерлер өзлери жаратқан программалық өним ҳәм санлы контентти сырт елли қарыйдарларға сатыўда халықаралық электрон платформалардан кеңнен пайдаланбақта. Айырым ири платформалар жәрдеминде төлемлер банк карталары ямаса банк өткермелери арқалы әмелге асырылып атырған болса да, Upwork, Fiverr, Envato, Storyblocks сыяқлы платформаларда төлемлер тек PayPal арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.

Бирақ ҳәзирги ўақытта PayPal төлем системасы Өзбекстанда шығарылған банк карталары арқалы толық ислемейди. Бул шеклеў мәмлекетимиз нызамшылығы, атап айтқанда, “Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында”ғы нызамда белгиленген мағлыўматларды тек ғана Өзбекстан аймағында сақлаў талабы менен байланыслы. Нәтийжеде халықаралық төлем системаларының Өзбекстан базарына кириўи белгили дәрежеде шекленип қалмақта.

Нызамға киргизилип атырған өзгерислер бул бағдардағы машқалаларды сапластырады. Халықаралық онлайн төлем системаларының елимизде жумыс алып барыўын жеңиллестириў, финтех, электрон коммерция ҳәм санлы экономиканың раўажланыўын жеделлестириў, фрилансерлер ушын нызамлы ҳәм ашық-айдын төлем механизмлерин жаратыў, сырт елли туристлер ушын контактсыз төлем имканиятларын кеңейтиў солардың қатарына киреди.

Нызамда тек ғана айырым түрдеги шахсқа тийисли мағлыўматлар (биометрикалық, генетикалық ҳәм де телекоммуникация хызметлерине байланыслы мағлыўматлар) Өзбекстан аймағында сақланыўы шәрт екенлиги белгиленбекте. Басқа да мағлыўматларды сырт елге жеткериў  ҳәм сақлаў ушын анық қәўипсизлик талаплары енгизилип, Министрлер Кабинетине шахсқа тийисли мағлыўматлардың қәўипсизлиги тәмийинленген мәмлекетлердиң дизимин тастыйықлаў ўәкиллиги берилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам электрон коммерцияны раўажландырыў бағдарында ҳуқықый ҳәм нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў және халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине халықаралық Интернет платформаларынан пайдаланыўда және де қолайлы шараятларды жаратыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Парламенттиң жоқары палатасының ағзалары “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстанда ислам банк жумысын енгизиўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамды да додалады.

Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде заманагөй банк хызметлерин енгизиўге ҳәм халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда банк системасын раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күнде финанслық хызметлердиң қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм халықаралық ислам қаржысы стандартларына муўапық жаңа түрдеги альтернатив банк хызметлерин енгизиў зәрүрлиги жүзеге келип атырғаны атап өтилди. Соннан келип шығып, бул нызам менен 2 кодекс ҳәм 7 нызамға ислам банкиниң жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилейтуғын жаңа нормалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, нызам менен ислам банк жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия түри енгизилип, оған байланыслы талаплар белгиленбекте. Соның ишинде, бул лицензия менен банклер тәрепинен толық ислам банк жумысын әмелге асырыў ямаса бир ўақыттың өзинде ҳәм дәстүрий, ҳәм ислам банк жумысын әмелге асырыў имканияты пайда болады.

Сондай-ақ, ислам қаржы жумысы менен байланыслы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде Орайлық банк ҳәм ислам банки жумысын әмелге асырыўшы банклерде ислам қаржысы кеңесин шөлкемлестириў және оның жумысына байланыслы талаплар белгиленбекте.

Буннан тысқары, ислам финанс операцияларының өзине тән өзгешеликлерин есапқа алып, Салық кодексине ислам қаржы операцияларын салыққа тартыў тәртибин белгилейтуғын өз алдына бап киргизилмекте. Оған тийкарланып ислам қаржы жумысынан алынған дәраматлар салық салыў мақсетинде процент дәраматларына теңлестирилип, банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлери тәрепинен қарыйдарға реализацияланатуғын товарларға қойылатуғын үстеме ҚҚСтан азат етилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын финанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятларының кеңейиўине, мәмлекетимизде бәсеки орталығының жақсыланыўына және банк-финанс тараўына жаңа стратегиялық инвесторлардың кирип келиўине хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, “Экологиялық таза аймақлардың ҳуқықый статусы белгилениўи мүнәсибети менен “Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымша киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде тәбийғый аймақларды қорғаў, олардың майданын кеңейтиў, тәбийғый комплекслерди, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясының сийрек ушырасатуғын түрлерин сақлап қалыўға байланыслы зәрүр илажлар көрилмекте. Нәтийжеде қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың улыўма майданы 6,3 миллион гектарды қурап, олардың мәмлекет аймағындағы үлеси 14,2 процентке жеткерилген.

Сондай-ақ, таўлы аймақлардың туристлик потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик ушын қолайлы шараятлар жаратыў, курортлар, мийманханалар, мәдений-саламатландырыў ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыў мақсетинде туристлик зоналар шөлкемлестирилмекте.

Өз гезегинде курорт тәбийғый аймақлар ҳәм рекреация зоналарының экологиялық таза аймақларын ҳәм олардың режиминиң нызамлы тийкарларын белгилеў зәрүрлиги де жүзеге келмекте.

Соннан келип шығып, “Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында”ғы нызамға қосымша киргизилип, курорт тәбийғый аймақлар ҳәм рекреация зоналарында жайласқан, қоршаған тәбийғый орталыққа тәсири нормалардан аспайтуғын, энергия нәтийжели инфраструктуралар менен тәмийинленген, шығындыларды нәтийжели басқарыў системасы енгизилген, жоқары рекреация ҳәм экотуризм потенциалына және бай биологиялық ҳәр түрлиликке ийе болған аймақлар экологиялық таза аймақлар есапланатуғыны белгиленбекте.

Сондай-ақ, бул аймақларда экологиялық системалардың турақлылығына тәсир ететуғын, тәбийғый ландшафтлардың көриниси ҳәм жер асты суўларының гидрогеологиялық жағдайының өзгериўине алып келетуғын жумыслардың алып барылыўы, тәбийғый объектлерге ҳәм комплекслерге унамсыз тәсир ететуғын санаат объектлериниң қурылысы және жумыс ислеўи қадаған етилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, экотуризмди раўажландырыў, тәбийғый объектлерди сақлаў, биологиялық көптүрлиликти қорғаў ҳәм мәмлекетимиздиң халықаралық көлемде экологиялық абырайын арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм жуўапкершиликти тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Кейинги жылларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўында избе-из ҳәм системалы реформалар әмелге асырылып, бул нызам мине усы реформалардың логикалық даўамы сыпатында әҳмийетке ийе.

Нызамда ҳүкимет ағзалығына усынылған шахслар ҳәм ҳәким лаўазымына талабанлар енди өз жумыс бағдарламалары менен бир қатарда коррупцияның алдын алыў бойынша жеке режелерин де усыныўы шәрт етип белгиленбекте. Бул болса басшы кадрлардың жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм ҳадаллық принциплерине садықлығын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислер шеңберинде даўаларды әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде максимал даўа баҳасының арттырылыўы пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын судқа мүрәжат етиў процесин буннан былай да жетилистиреди.

Нызамда инвестициялық орталықты жақсылаўға қаратылған нормалар да айрықша орын ийелейди. Атап айтқанда, арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарында жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлар бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының судқа мәмлекетлик бажы төлеместен мүрәжат етиў ҳуқықының белгилениўи мәмлекет мәплерин нәтийжели қорғаўда әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланды.

Додалаўлар даўамында нызамды ислеп шығыў процесинде бир қатар сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилгени, коррупцияның алдын алыў бойынша өз алдына реже усыныў талабы халықаралық әмелиятқа толық сәйкес келетуғыны атап өтилди.

Сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи халықтың мәмлекетке болған исенимин беккемлеўге, коррупцияға қарсы гүресиўде жаңа басқышты баслаўға, суд системасының нәтийжелилигин арттырыўға және инвесторлар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети