Келешекти жаратып атырған орайлар журналистлер нәзеринде

48

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги “Мектептен тысқары билимлендириў системасының жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў илажлары ҳаққында”ғы қарары мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыўда, заманагөй көзқараслар тийкарында раўажландырыў арқалы балалардың бос ўақытларын мазмунлы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўде, оларды интеллектуаллық жақтан жетик, Ўатанға садық, тарийхымыз ҳәм миллий мәдениятымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда ҳәм оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўде оғада әҳмийетли ҳуқықый-ҳүжжет болып табылады.

Усы ҳүжжет тийкарында, мәмлекетимизде оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жас әўладтың дөретиўшилик қәбилети менен талантын раўажландырыў ҳәм жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша комплексли илажларды өзинде жәмлеген бес баслама әмелиятқа енгизилмекте. Атап айтқанда, Президент қарары бойынша Қарақалпақстан Республикасында 1 Республикалық ҳәм 17 районлық, қалалық “Келешек” орайлары шөлкемлестирилип, өз жумысларын баслады.

Республикамыздағы жаңадан шөлкемлестирилип атырған “Келешек” орайларының жумысын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен Нөкис қаласында жайласқан Республикалық “Келешек” орайында баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманға министрлик ҳәм орайдың басшылары, жуўапкер хызметкерлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары Қ.Исмайлов, республикалық “Келешек” орайы директоры Р.Ташимов шығып сөйлеп, соңғы жыллары Президентимиздиң арнаўлы Пәрман ҳәм қарарлары тийкарында республикамызда әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер ҳәм олардың унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып берди.

– Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги ПҚ-277-санлы қарары тийкарында, Қарақалпақстанда 1 Республикалық ҳәм 17 районлық, қалалық “Келешек” орайларының шөлкемлестирилиўи мектепке таярлаў топарларында балаларда билим алыў, коммуникативлик ҳәм дөретиўшилик компетенцияларды қәлиплестириў, оқыўшыларды Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў шөлкемлерине таярлаў, талантлы жасларды таңлап алыў системасын раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, өсип киятырған жас әўладтың STEAM пәнлери ҳәм илимге болған умтылысларын хошаметлеў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, оқыўшыларды жасалма интеллект ҳәм робототехника бағдарларына тартыў арқалы олардың дөретиўшилик көнликпелерин және де қәлиплестириў ҳәм робототехника, мобилография, программаластырыў, СММ ҳәм модельлестириў сыяқлы дөгереклерди шөлкемлестириў, оқыўшылардың шет тиллерин үйрениўге болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм шет тиллерин оқытыўдың заманагөй усыллары тийкарында дөгереклердиң жумысын жолға қойыўда әҳмийетли хызмет атқармақта, – дейди Қарақалпақстан Республикасы “Келешек” орайы директоры Руслан Ташимов. – Усылар менен бирге “Келешек” орайларында оқыўшылардың экологиялық билимлери арттырылып, экологияға байланыслы жойбарларды әмелге асырыўына, дөретиўшилик ҳәм көркемлик қәбилети раўажландырыў, олардың олимпиада ҳәм ғалабалық спорт түрлерине қызығыўшылығын арттырыўға әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.

Ҳәзирги күни республикамыз бойынша “Келешек” орайларындағы 750 дөгерекке 6 жастан 18 жасқа шекемги 20296 оқыўшы тартылған болып, оларға жәми 774 педагог кадрлар билим берип келмекте. “Келешек” орайларында сабақлар заманагөй педагогикалық қатнаслар тийкарында, маман қәнигелер тәрепинен алып барылады ҳәм жаслардың қызығыўшылығы ҳәм индивидуал имканиятлары есапқа алынады.

Илажда журналистлер Қарақалпақстан Республикасы “Келешек” орайында шөлкемлестирилген дөгереклерде болып, олардың жумыслары ҳәм оқыўшылар тәрепинен таярланған өнимлер менен жақыннан танысты.

-Бул орайда 1 жылдан бери оқыўшыларға компьютер дизайны ҳәм графикасы бағдары бойынша билим берип атырман, – дейди орай муғаллими Перуза Тәңирбергенова. – Дөгерекке еки топарда 20 оқыўшы қатнасады. Олардың билим алыўға деген ықласы жоқары. Сонлықтан олар мен үйреткен бағдарламаларды тез меңгерип кетпекте.

– Инглис тили бойынша билим беретуғын шет тиллер дөгерегинде  4 топарда 40 оқыўшыға тәлим бермектемен, – дейди Гүлпаршын Исмаилова. – Дөгереклердеги сабақлар кестеси оқыўшылардың мектептен бос ўақытларына қарай еки мезгилде дүзилген. Ата-аналардың төлем пулы да онша қымбат емес. Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында, республикамыз оқыўшылары ушын базалық есаплаў муғдарының 15 проценти, яғный, ҳәзир 61 мың 800 сум етип белгиленген. Буның ушын ҳүрметли Журтбасшымызға үлкен рахметлер айтамыз.

“Келешек” орайының жумыслары менен танысар екенбиз, олардың жас әўладты заман талапларына сәйкес билим ҳәм көнликпелер менен тәмийинлеў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм келешекте бәсекиге шыдамлы кадрлар сыпатында қәлиплесиўи ушын хызмет ететуғын дәргайлар болатуғын исенимимиз артты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

М. Хабибуллаевтың түсирген сүўретлери