Көшпели ашық суд: Дүзелиў жолына түскенлерге екинши имканият

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен өткерилген көшпели ашық суд мәжилисинде Кегейли районы Ишки ислер бөлими баслығының усынысы тийкарында жынаят ислегени ушын белгиленген тәртипте жаза өтеп атырған, өз қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, жәмийетлик турмысқа қайта бейимлесиў жолына исенимли қәдем қойған 5 шахстың ис материаллары ҳәр тәреплеме үйренип шығылды.
Онда Пробация хызмети тәрепинен усынылған мағлыўматлар ҳәм судланған шахслардың минез-қулқы менен жәмийетлик ислерге белсендилиги инабатқа алынды.
Додалаўлар жуўмағында, суд тәрепинен бул шахслардың дүзелиў жолына түскени, нызам талапларына әмел етип атырғаны ҳәм қайтадан жынаят ислемеўине исеним бар екенлиги инабатқа алынып, оларды мүддетинен алдын шәртли түрде жазаны өтеўден азат етиў бойынша қарар қабыл етилди.


Бул көшпели ашық суд мәжилиси жазаны орынлаўда адамгершилик, әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерине әмел еткен ҳалда, жынаят ислеген шахсларды жәмийетке қайта бейимлестириўге қаратылғанлығы менен оғада әҳмийетли болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги