Өзбекстан – Пакистан стратегиялық шериклигиниң стратегиялық перспективасы

20

Мүнәсибет

Дүньядағы сиясий қатнасықлар өзгермели болып турған ҳәзирги шараятта мәмлекетлер арасындағы қатнасықлардың нәтийжелилиги көбирек узақ мүддетли исеним, өз-ара мәплердиң үйлесимлилиги ҳәм әмелий нәтийжелерге сүйенетуғын бирге ислесиўге байланыслы болмақта. Усы мәнисте, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 5-6-февраль күнлери Пакистан Ислам Республикасына мәмлекетлик сапары еки мәмлекет қатнасықларында гезектеги әҳмийетли ҳәм логикалық басқыш сыпатында көринеди.

Орайлық ҳәм Қубла Азияның жетекши мәмлекетлери болған бул еки мәмлекет бир-бирин барған сайын анық стратегиялық шерик сыпатында көрмекте. Кейинги жылларда Ташкент ҳәм Исламабад арасындағы сиясий сөйлесиўлер избе-из жеделлесип, жоқары дәрежедеги байланыслар турақлы ҳәм мазмунлы көринис алды.  Әсиресе, 2021-жыл июль айында Стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылыўы еки тәреплеме қатнасықларды жаңа сапа басқышына көтерди. Бул ҳүжжет бирге ислесиўди узақ мүддетли стратегиялық мақсетлер тийкарында раўажландырыўға қаратылған беккем институционаллық тийкар болды.

2022-жыл март айында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистанға әмелге асырған рәсмий сапары болса, сиясий жақынлықты әмелий мазмун менен байытты. Бул сапар етиў даўамында саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды алға қойыў ҳәм тармақлар аралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди. Нәтийжеде еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар декларациялық билдириўлер шеңберинен шығып, анық экономикалық ҳәм социаллық нәтийже берип атырған бирге ислесиў моделине айлана баслады.

Қатнасықлар раўажланыўындағы кейинги әҳмийетли басқыш 2025-жыл февраль айында Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға сапары менен байланыслы. Бул сапар етиў жуўмақлары бойынша жоқары дәрежедеги Стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилип, еки тәреплеме қатнасықларды муўапықластырыў ҳәм системалы раўажландырыў ушын нәтийжели механизм жаратылды. Бул болса бирге ислесиўди институционаллық жақтан және де беккемлеўге хызмет етти.

Экономикалық көрсеткишлер де еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң мазмун жағынан тереңлесип атырғанын айқын тастыйықлайды. 2025-жылдың жуўмағы бойынша өз-ара товар алмасыўдың көлеми 474,2 миллион АҚШ долларын қурады. Тоқымашылық, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында биргеликтеги жойбарлар қәлиплеспекте. Бул болса экономикалық бирге ислесиўдиң диверсификацияланып, турақлы тийкарда раўажланып атырғанын көрсетеди.

Әсиресе, транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы транспорт коридорларын раўажландырыў Орайлық Азия мәмлекетлериниң Қубла Азия базарларына шығыў имканиятларын кеңейтеди. Бул тек еки мәмлекет емес, ал пүткил регионның экономикалық интеграциясы ушын әҳмийетли фактор есапланады.

Гуманитарлық бирге ислесиў де еки тәреплеме қатнасықларда айрықша орын ийелейди. Уллы Жипек жолына барып тақалатуғын улыўмалық тарийхый ҳәм мәдений мийрас халықлар арасындағы сөйлесиў ушын беккем руўхый тийкар болып хызмет етпекте. Мәдений ҳәм билимлендириў тараўындағы алмасыўлар кеңейип бармақта. 2021-жыл июль айында қол қойылған мәдений бирге ислесиў бағдарламасы бул бағдарда системалы бирге ислесиўди тәмийинлемекте.

Туризм тараўындағы байланысларды раўажландырыў бағдарында да унамлы қәдемлер тасланбақта. 2024-жыл ноябрь айында Ташкент ҳәм Лаҳор қалалары арасында тиккелей авиақатнаўлардың қайта тиклениўи саўда, туризм ҳәм исбилерменлик байланысларына жаңа пәт бағышлады.

Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў болса айрықша стратегиялық мазмунға ийе. 2021-жыл апрель айында қол қойылған мине, усы меморандум агроәмелиятты жетилистириў, тәжирийбе алмасыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратты. 2024-жылы Ташкент қаласында болып өткен Ҳүкиметлер аралық комиссияның 9-мәжилисинде ерисилген келисимлер бул тараўда әмелий нәтийжелер бермекте.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Пакистанға гезектеги мәмлекетлик сапары мине, усы унамлы динамиканы және де беккемлеўге қаратылған. Сапар етиў шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилип, сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларында жаңа келисимлерге ерисиў режелестирилген. Сондай-ақ, биргеликтеги декларация ҳәм көп қырлы ҳүжжетлер топламын қабыл етиў, еки мәмлекет исбилермен топарларының қатнасыўында биргеликтеги бизнес форум өткериў нәзерде тутылмақта.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар бүгин дәстүрий дипломатия шеңберинен шығып, регионлараралық байланысты беккемлеў, турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў ҳәм халықлардың абаданлығына хызмет етип атырған стратегиялық шерикликке айланбақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Пакистанға мәмлекетлик сапары бул процессте жаңа бет ашып, еки мәмлекет бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўы сөзсиз.

 

 Гүлжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясы, Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги