Ҳәзирги күни қайсы өнимлер пайдалы?

Бүгинги күнде қәнигелер саламат аўқатланыўда қымбат ҳәм әдеттегидей емес өнимлер емес, күнделикли ҳәм тәбийғый азық-аўқатларға итибар қаратыўды усыныс етпекте. Атап айтқанда, мәўсимлик палыз ҳәм мийўелер организм ушын ең пайдалы болып есапланады.
Шыпакерлер капуста, гешир, пияз ҳәм көк шөплер иммунитетти беккемлейтуғынын, алма ҳәм анар сыяқлы мийўелер болса организмди витаминлер менен тәмийинлейтуғынын атап өтеди. Сүт өнимлери – қатық, айран ҳәм йогурт ишек жумысларын жақсылайды ҳәм де ас сиңириўди нормалластырады.
Қәнигелер ҳәптесине кеминде бир-еки мәрте балық жеў жүрек-қан тамыр системасы ушын пайдалы екенлигин билдиреди. Мәйек ҳәм дәнли өнимлер болса, денени белок пенен тәмийинлеп, узақ ўақыт тойымлық сезимин береди.
Соның менен бирге, қумшекерли ишимликлер, фаст-фудлар ҳәм артықша қуўырылған өнимлерди азайтыў усыныс етиледи. Күн даўамында жетерли муғдарда суў ишиў болса саламат аўқатланыўдың ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Қәнигелердиң пикиринше, ҳәзирги күнде саламат турмыс тәризи ушын ең әҳмийетли қағыйда – норма, тәбийғыйлық ҳәм турақлылық болып есапланады.
Бийбисара Жартыбаева,
Бердақ атындағы ҚМУдың 2-курс магистранты
Қарақалпақстан хабар агентлиги