Өзбекстан – Пакистан: саўда-экономикалық бирге ислесиў перспективасы

Бүгинги глобалласыў шараятында мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық байланыслар тек ғана географиялық жақынлық пенен белгиленбейди. Оған Өзбекстан ҳәм Пакистан қатнасықлары айқын мысал. Бул еки мәмлекет шегаралас болмаса да, соңғы жыллары экономикалық бирге ислесиў избе-из раўажланып, өз-ара мәплерге тийкарланған турақлы шериклик қәлиплеспекте.
Соңғы мағлыўматлар да усы процесстиң әмелий нәтийжелерин тастыйықлайды. Атап айтқанда, 2024-жылы еки тәреплеме саўда айланысы 400 миллион доллардан артып, қоспа кәрханалардың саны 130 ға жетти. 2025-жылы болса улыўма товар алмасыў баҳасы дерлик 450 миллион долларға жеткени экономикалық байланыслар барған сайын беккемленип атырғанынан дерек береди. Ең әҳмийетлиси, рәсмий Ташкент ҳәм Исламабад жақын келешекте бул көрсеткишти 2 миллиард доллардан арттырыўды стратегиялық ўазыйпа сыпатында белгилеген.
Усы мақсетке ерисиў ушын тәреплер саўда процесин әпиўайыластырыўға қаратылған избе-из илажларды әмелге асырыўды режелестирмекте. Соның ишинде, жеңиллетилген бажыхана тәртиби қолланылатуғын өнимлердиң дизимин кеңейтиў, бажыхана ҳәм санитариялық тексериў тәртибин әпиўайыластырыў ҳәм өз-ара үйлестириў тийкарғы ўазыйпаға айланған. Бул әмелият әсиресе аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм жеңил санаат товарларының экспорт-импортында ўақыт ҳәм қәрежетти сезилерли дәрежеде қысқартады.
Өзбекстан Пакистанның Орайлық Азиядағы ең ири саўда-экономикалық шериги. Шериклик фармацевтика, аўыл хожалығы, таў-кән санааты, электротехника, тоқымашылық ҳәм былғары аяқ кийим тармақларын қамтып алған ҳалда басқышпа-басқыш кеңейтилмекте. Яғный, байланыслар бир тәреплеме емес, ал диверсификацияланған, узақ мүддетли раўажланыўға бағдарланған.
Атап айтқанда, фармацевтика ең перспективалы бағдарлардан бири сыпатында ажыралып турады. Өзбекстанда дәри-дәрмақ өнимлериниң жыллық импорт көлеми 3 миллиард доллардан артады. Демек, бул тараўда жергиликли өндиристи раўажландырыў зәрүрлиги оғада әҳмийетли. Усы көзқарастан Пакистан компанияларының мәмлекетимизде қәнигелестирилген фармацевтика кластерлери шеңберинде өндирис қуўатлылығын шөлкемлестириўге қызығыўшылығы стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул тек ғана импортқа байланыслылықты азайтады, ал технологиялар трансфери ҳәм жаңа жумыс орынларының жаратылыўына да хызмет етеди.

Транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыў, бажыхана ҳәм техникалық тәртип-қағыйданы үйлестириў және инвестиция ушын қолайлы орталықты буннан былай да жетилистириў де жақын келешектеги тийкарғы ўазыйпалар болып есапланады. Мәселен, регионаллық байланыслылықты күшейтетуғын ири инфраструктуралық жойбарлардың әмелге асырылыўы тек ғана еки тәреплеме саўда көлемин арттырып қоймастан, ал Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы экономикалық көпирлерди де беккемлейди.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлар бүгинги күнде сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилмекте. Еки мәмлекет арасында қәлиплесип атырған өз-ара исеним, сиясий ерк-ықрар ҳәм әмелий бирге ислесиў механизмлери экономикалық байланысларды кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратпақта. Саўда көлеминиң избе-из өсиўи, қоспа кәрханалар санының артыўы ҳәм тийкарғы тармақларда бирге ислесиўдиң жеделлесиўи шериклик турақлы ҳәм узақ мүддетли характерге ийе екенин көрсетеди.
Улыўма, Өзбекстан – Пакистан саўда-экономикалық бирге ислесиўи тек ғана еки мәмлекет мәплери менен шекленип қалмастан, кең көлемли регионаллық бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыў гиреўине де айланбақта. Бар потенциалдан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў, өз-ара пайдалы жойбарларды избе-из әмелге асырыў арқалы тәреплер келешекте белгиленген жоқары мақсетлерге ерисиўи сөзсиз.
Мусулмон Зиё, ӨзА
Мақала Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети жанындағы “Шығыстаныўшы аналитиклер” интеллектуаллық клубының ағзасы Одамбой Йўлдошевтиң жәрдеминде таярланды.