Сенаттың он үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

21

Бүгин, 2026-жыл 5-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис күн тәртибине мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў, әмелдеги нызамшылықты жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға байланыслы бир қатар мәселелер киргизилген.

Соның ишинде, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатынан келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынады ҳәм Сенаттың 2025-жылдағы жумысына жуўмақ шығарылады.

Сенаторлар азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў, спортты ғалаба ен жайдырыў, жеке мағлыўматларды қорғаў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған нызамларды көрип шығады.

Өзбекстанда ислам банкиниң жумысын енгизиўге байланыслы нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, экологиялық таза аймақлардың ҳуқықый статусын белгилеў, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тараўындағы нызамшылықты жетилистириў мәселелери күн тәртибинен орын алған.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан менен Венгрия арасында услап бериў ҳаққындағы шәртнаманы ратификациялаў, 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясын әмелге асырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар, социаллық тараўға қәнигелескен мәмлекетлик ҳәм жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў илажларының орынланыўын додалаў режелестирилген.

Министрлер Кабинетине аймақларда инфраструктураны раўажландырыў, қурылыс жумысларын тәртипке салыў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў, алимент өндириў ҳәм төлеў системасын жетилистириў бойынша жиберилген парламентлик сораўлардың нәтийжелери көрип шығылады.

Жалпы мәжилис шеңберинде сенаторлар Конституциялық суд ҳәм Жоқарғы суд қурамларына өзгерислер киргизиў мәселелерин де додалайды.

Мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелер ҳаққында толық сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

Н.Абдураимова,

Ф.Абдурасулов (суўрет), ӨзА