Жалған хабар тарқатқаны ушын жуўапкершилик: нызам талаплары қандай?

24

Арқа-батыс әскерий округине қараслы әскерий бөлимде интернет ҳәм социаллық тармақларда миллий армиямыз ҳаққында тарқатылып атырған жалған, дәлилленбеген ҳәм дөҳмет көринисиндеги хабарлардың алдын алыў ҳәм әскерий хызметкерлердиң ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған үгит-нәсият илажы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы Азамат Шыныбеков та қатнасып, қәнигелердиң социаллық тармақлар арқалы тийкарсыз ҳәм жалған мәлимлеме тарқатыўдың унамсыз ақыбетлери ҳәм бундай ҳәрекетлер ушын нызамшылықта белгиленген жуўапкершилик ҳаққында кең түрде сөз етти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары жәмийетлик турмыстың ажыралмас бөлегине айланған. Интернет ҳәм социаллық тармақлар арқалы мәлимлеме алыў имканиятлары кеңейген бир ўақытта, тилекке қарсы, жалған ҳәм тийкарсыз хабарлар да тез пәт пенен тарқалмақта. Бундай мәлимлемелер тек ғана айырым шахслардың абырайына емес, ал социаллық турақлылыққа да үлкен қәўип салыўы мүмкин. Соның менен бирге, судья Азамат Шыныбеков кибержынаятларға қарсы гүресиўде суд органларының роли айрықша екени атап өтип,  судлар тек ғана жаза тайынлаў менен шекленип қалмастан, халықтың ҳуқықый санасын арттырыў, киберқәўипсизлик тараўында хабардарлықты күшейтиўге де хызмет ететуғынына итибар қаратты. Суд әмелиятындағы мысаллар тийкарында жалған мәлимлеме тарқатыў арқалы шахслар ҳәм шөлкемлерге үлкен руўхый ҳәм материаллық зыян жеткерилип атырғаны айтылды. Сонлықтан, ҳәр бир интернет пайдаланыўшысы тарқатып атырған мәлимлемесиниң ҳақыйқатлығына жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы, нызам шеңберинде ҳәрекет етиўи керек екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, миллий армиямыз ҳаққында дәлилленбеген ҳәм жалған мәлимлемелерди тарқатыў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қәўипсизликке үлкен қәўип салыўы ҳәм әскерий турақлылыққа унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Сонлықтан мәлимлеме тарқатыўға байланыслы нызамсыз ҳәрекетлер Өзбекстан нызамшылығында жынаят сыпатында белгиленген.

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден ҳәр тәреплеме жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги