Пуқаралардың мүрәжаты  – Суд итибарында

18

Жынаят ислери бойынша Беруний районы судының баслығы Р.Камалова тәрепинен Алтынсай аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ушын көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Бул қабыллаўдан гөзленген тийкарғы мақсет – пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатларын тиккелей тыңлаў, оларға нызамшылық шеңберинде әмелий ҳәм ҳуқықый түсиниклер бериўден ибарат.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен түрли мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди. Атап айтқанда, алимент өндириў тәртиби, суд тәрепинен тайынланған жазаны жеңилиреги менен алмастырыў, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм жер участкаларын нызамсыз өзлестириўдиң ҳуқықый ақыбетлери менен байланыслы мәселелер бойынша көплеген мүрәжатлар болды.

Мүрәжатларды көрип шығыў процесинде суд баслығы тәрепинен пуқараларға ҳәр бир мәселениң нызамшылық тийкарлары толық түсиндирилди. Әсиресе, судқа байланыслы мәселелердиң белгиленген мүддетлерде ҳәм тийисли суд инстанцияларында көрип шығыў зәрүрлиги ҳәм мүрәжатлар бойынша суд додалаўына араласыў мүмкин емес екенлиги бойынша пуқараларға ҳуқықый түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыўдың ҳуқықый тәртиби, суд ислерин жүргизиўде нызамлылық ҳәм қалыслық принциплерине қатаң әмел етилиўи, сондай-ақ, коррупциялық жынаятлардың алдын алыў, оларға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў мәселелери бойынша да ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Бундай көшпели қабыллаўлар халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, суд органлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың судларға болған исенимин және де беккемлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги