Қызлар футболында жаңа қәдем: Нөкисте Министр кубоги жарысы

Жаслар арасында ғалабалық футболды раўажландырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, зыянлы иллетлерден сақлаў, ҳуқықбузарлық ҳәм басқа да жат иллетлерге қарсы гүресиў, дослық қатнасықты орнатыў ҳәм беккемлеў, олардың шеберлигин арттырыў ҳәм қәбилетли футболшыларды таңлап алыў мақсетинде, Нөкис қаласында оқыўшы қызлар арасында футбол бойынша туңғыш мәрте өткерилип атырған «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри кубоги» ниң қалалық басқышы болып өтти.
Кубок жарысына пайтахтымыздан жайласқан 37 улыўма орта билим бериў мектеплеринен командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Кескин өткен ойынлар жуўмағында, биринши орынды 40-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жеңип алып, кубок жарысының республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.
Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, 39-санлы ҳәм 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң командалары жеңип алыўға миясар болды.


Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, медаль ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы