Жоқары билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў системасы халықаралық стандартлар тийкарында беккемленбекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги хызметкерлери ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлериниң билимлендириўдиң сапасын арттырыў бөлими баслықлары ушын “Сапаны тәмийинлеў принциплери” темасында еки күнлик қәнигелигин арттырыў шынығыўлары болып өтти.
Оқыўлар Уллы Британияның Quality Assurance Agency (QAA) ҳәм British Council шөлкемлериниң маман экспертлери менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Жоқары билимлендириўде сапаны тәмийинлеўдиң халықаралық принциплери бойынша беккем теориялық ҳәм әмелий тийкар жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда қатнасыўшылар ишки ҳәм сыртқы сапаны тәмийинлеў системалары, баҳалаў процесслеринде дәлиллерге тийкарланған қатнаслар, мәпдар тәреплер менен ислесиў ҳәм мағлыўматларға тийкарланған қарарлар қабыл етиў мәселелерин терең үйренди.
Бағдарлама интерактив әмелий сабақлар, топар додалаўлары ҳәм кейс-анализлер тийкарында алып барылып, қатнасыўшылар Европа стандартлары ҳәм инструкциялары (ЕСГ) ҳәм Өзбекстанда қәлиплесип атырған сапа стандартлары арасындағы сәйкеслик ҳәм айырмашылықларды таллаў имканиятына ие болды.
Сондай-ақ, сыртқы баҳалаў процесслери, баҳалаў нормалары ҳәм рейтинг қуралларын ислеп шығыў, есабатларды қалыс ҳәм дәлиллерге сүйенген ҳалда таярлаў бойынша әмелий көнликпелер беккемленди.
Шынығыўлар даўамында сапаны тәмийинлеў процесинде ҳадаллық ҳәм ашық-айдынлық, мәплер соқлығысыўының алдын алыў, сондай-ақ, мағлыўматлардың қәўипсизлиги ҳәм жекелигин тәмийинлеў сыяқлы принциплерге итибар қаратылды.
Соның менен бирге, студентлер, жумыс бериўшилер ҳәм басқа да мәпдар тәреплерди сапаны тәмийинлеў процесслерине тартыў ҳәм олар менен нәтийжели пикирлесиў алып барыў бойынша әмелий сабақлар шөлкемлестирилди.
Барлық сессияларға толық қатнасқан тыңлаўшыларға сертификат тапсырылды.
Гулноза Бобоева, Ўктам Ҳайитов (фото), ӨзА