Илим потенциалын арттырыўда «MUNIS» жойбарының орны

«MUNIS» – «Өзбекстан миллий инновациялық системасын модернизациялаў» жойбары илим, технология ҳәм инновациялар тараўын түп-тийкарынан жаңалаўға қаратылған әҳмийетли баслама болып есапланады. Жойбар шеңберинде илимий изертлеўлердиң сапасын арттырыў, инновациялық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде Жәҳән банки ўәкиллери менен «MUNIS» жойбарын әмелге асырыў нәтийжелери ҳәм оның екинши басқышын иске қосыў перспективалары додаланды. Ушырасыўда жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Ўктам Саломов, Жәҳән банки экспертлери Ералы Бексултан, Анна Убайдуллаева ҳәм Гәўҳар Оспанова, сондай-ақ, «MUNIS» жойбарын әмелге асырыў топарының басшысы Дилшод Азгаров қатнасты.


Сөйлесиў даўамында миллий инновациялық экосистеманы беккемлеў, илимий-изертлеў инфраструктурасын раўажландырыў, илимий шөлкемлердиң потенциалын арттырыў ҳәм илимий жумыс нәтийжелерин коммерцияластырыўға қаратылған «MUNIS» жойбарының тийкарғы жетискенликлери додаланды. Сондай-ақ, жойбарды әмелге асырыўдың институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик тәреплери, тийкарғы мәпдар тәреплер менен нәтийжели бирге ислесиў тәжирийбесине айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, илим, технология ҳәм инновациялар тараўындағы реформаларды және де жеделлестириў, илимий ҳәм инновациялық басламаларды қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў, жеке меншик сектор ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң ролин күшейтиўге қаратылған «MUNIS» жойбарының екинши басқышының тийкарғы бағдарлары бойынша пикир алысылды.


Муҳайё Тошқораева, ӨзА