Каддафидиң баласы да өлтирилди (+видео)

Ливия ғалаба хабар қураллары мәмлекеттиң марҳум жетекшиси Муаммар Каддафидиң баласы, Сайф ал-Ислам Каддафи төрт қураллы шахс тәрепинен өлтирилгенин тастыйықлады. Сайф Каддафидиң сиясий кеңесгөйи Абдулла Усмон Facebook бетиндеги қысқа хабарында өлимшилик жүз бергенин тастыйықлады, бирақ ҳәдийсеге байланыслы толық мағлыўмат бермеди.
Al Hadath телеканалы Каддафи шаңарағына жақын адамлар берген мағлыўматларға сүйенип, Сайф ал-Ислам өз резиденциясына жақын жердеги бағда өлимши жарақат алғанын тастыйықлады. Ҳүжимшилер саны төртеў болып, олардың барлығы ўақыя орнынан тез қашып кеткен. Al Jazeera телеканалы болса қастыянлықтан алдын Каддафидиң үйиндеги барлық видеобақлаў камералары истен шығарылғанын мәлим етти.
1972-жылы туўылған Сейф ал-Ислам Ливияны узақ жыллар басқарған Муаммар Каддафидиң екинши баласы еди. Ол Лондон экономика мектебинде докторлық дәрежесин алған ҳәм Каддафий режиминде реформатор сыпатында танылған. Әкеси Муаммар Каддафи 2011 жылы НАТО қоллап-қуўатлаған халық көтерилиси нәтийжесинде ҳәкимияттан аўдарылған ҳәм кейин ала пуқаралық урысына айланған саўашлар ўақтында өлтирилген.
2011-жылы Франция ҳүкимети Ливия оппозициясын рәсмий тән алғаннан кейин, Сайф ал-Ислам Euronews телеканалына интервью берди. Ол сәўбетлесиў ўақтында Франция президенти Николя Саркозиден Ливия тәрепинен сайлаў кампаниясын қаржыландырыў ушын берилген пулларды қайтарыўды талап еткен еди.
Сайф ал-Ислам 2011-жылдың ақырында Нигерге қашыўға урынып, Ливияның батысындағы Зинтан қаласында көтерилисшилер тәрепинен қолға алынған. Ол 2017-жыл июнь айында босатылған ҳәм соннан берли Зинтанда жасап атырған еди.
ӨзА