Әскерий хызметкерлер ҳәм студентлер “Заковат”та беллести

13

Арқа-батыс әскерий округиниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында уллы ойшыл, ғәзел мулкинин султаны Мир Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 585 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис гарнизонында хызмет етип атырған әскерий хызметкерлер ҳәм Нөкис инновациялық технологиялар университети студентлериниң қатнасыўында “Заковат” интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилди.

Илажда шығып сөйлегенлер Әлийшер Наўайының өзбек әдебияты, тил билими ҳәм улыўма жәҳән мәдениятының раўажланыўындағы орны ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти. Оның шығармаларында адамгершилик, әдиллик, ўатансүйиўшилик, илим-ағартыўшылыққа умтылыў сыяқлы жоқары идеялар жәмленгени атап өтилди.

“Заковат” интеллектуаллық ойыны жаслар ҳәм әскерий хызметкерлер арасында миллий әдебиятымызға, атап айтқанда, шайыр дөретиўшилигине болған қызығыўшылықты және де арттырыў, олардың интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў, руўхый көзқарасын байытыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўден ибарат болды.

Интеллектуаллық беллесиўде қатнасыўшылар бир неше командаларға бөлинген ҳалда Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның шығармалары, тарийхый шахслар, миллий қәдириятлар ҳәм улыўма билимлерди қамтып алған сораўларға жуўап берди. Ойын даўамында қатнасыўшылардың билим дәрежеси, оператив пикирлеў қәбилети ҳәм топар болып ислеў көнликпелери ҳәр тәреплеме сынақтан өткерилди.

Илаж жуўмағында ең жоқары нәтийжелерге ерискен командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги