Саудия Түркияға 2 миллиард доллар ажыратады

11

Саудия Арабстаны Стамбулда баҳасы 2 миллиард долларлық ири қуяш энергетикасы жойбарын әмелге асырады. Түркия энергетика министри Алпарслон Байроқдордың мәлим етиўинше, бул ҳаққындағы келисим Ар-Риядта қол қойылған.

Дәслепки басқышта Сивас ҳәм Караман ўәлаятларында 2 000 мегаваттлық станциялар қурылады. Кейинги басқышларда қуяш ҳәм самал электр объектлериниң улыўма қуўатлылығы 5 000 мегаваттқа жеткериледи.

Атап өтилиўинше, бул баслама энергетика тараўындағы әҳмийетли сырт ел инвестициялық жойбарлары болып, толық сыртқы қаржыландырыў есабынан әмелге асырылады. Экономикалық қоллап-қуўатлаўға халықаралық финанс институтлары да қатнасады.

Режедеги қуяш станциялары 2,1 миллионнан аслам шаңарақтың электр энергиясына болған талабын қаплаў имканиятын береди. Бул Түркияның қайта тикленетуғын энергия үлесин арттырыў ҳәм энергетика еркинлигин күшейтиў жолындағы әҳмийетли қәдеми сыпатында баҳаланбақта.

ӨзА