Киев ҳәм Батыс Москваға жуўап илажын келисип алды

44

Украина, Европа ҳәм АҚШ Россия тәрепинен оқ атыўды тоқтатыў келисими бузылған жағдайда көрилетуғын жуўап илажы бойынша көп басқышлы режени келисип алды. Бул ҳаққында “Financial Times” хабар берген.

Басылымның жазыўынша, Москва ҳәр қандай итималлы келисим шәртлерин қайтадан бузса, Европа ҳәм АҚШ тәрепинен муўапықластырылған әскерий жуўап илажы иске қосылады. Украина, Европа ҳәм Америка рәсмийлериниң қатнасыўында 2025-жыл декабрьде Париж, 2026-жыл январьда Киевте болып өткен сөйлесиўлер даўамында ислеп шығылған бул қатнас өткен жылдың ақырында Президентлер Владимир Зеленский ҳәм Дональд Трамптың Мар-а-Лаго резиденциясындағы ушырасыўында да додаланған.

Режеге бола, егер Россия тынышлықты бузса, дәслепки 24 саат ишинде дипломатиялық ескертиў бериледи ҳәм Украина армиясы тәрепинен қағыйданы бузылыўды тоқтатыў ушын зәрүр ҳәрекетлер әмелге асырылады.

Буннан кейин де әскерий ҳәрекет даўам еце, екинши басқыш иске қосылады. Бул процессте Киевти қоллап-қуўатлаўшы коалиция қатнасады. Бул топар қурамында Уллы Британия, Норвегия, Исландия, Түркия ҳәм Европа Аўқамының және бирнеше мәмлекети бар.

Айтпақшы, келисимниң айырым тәреплери еле анықластырылмаған. Мәселен, қәўипсизлик кепиллиги узақ мүддетли питимге байланыслы болмақта, бирақ бундай келисимниң көлеми ҳәзирше анық белгиленбеген.

Д.Ҳакимов, ӨзА