Төрткүл районында кеңейтилген мәжилис болып өтти

11

Төрткүл районы ҳәкимлиги имаратында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың басшылығында кеңейтилген мәжилис болып өтти.

Мәжилисте район ҳәкими И.Худайбергенов, тараў жуўапкерлери, мәҳәлле баслықлары ҳәм аймақта инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырған исбилерменлер қатнасты.

Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен районда санаат бағдарында кем қуўатлылықта жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен сөйлесиў шөлкемлестирилип, олардың жойбарлары ҳәм жумысы даўамында ушырасып атырған машқалалары ҳәм усыныслары тыңланды.

Исбилерменлердиң мүрәжатларын нызамлы тәртипте жедел шешиў ҳәм бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша режелер додаланды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги Пәрманының орынланыўына айрықша тоқтап өтилди. “Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың екинши басқыш процесслерин пуқта ҳәм әдил өткериў елимиздиң экономикалық көрсеткишлерин анық белгилеў ҳәм келешектеги режелерди дурыс қәлиплестириўде үлкен әҳмиетке ие.

Мәжилис жуўмағында додаланған мәселелер бойынша тийисли тараў басшыларына ўазыйпалар жүкленди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги