Инсанның ҳуқық ҳәм еркинлигине байланыслы қарарлар қабыл етиўде жасалма интеллекттен пайдаланыў мүмкин бе?

2026-жыл 21-январьда “Жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам күшке кирди.
Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Орзигул Қазихонова нызамның әҳмийетли тәреплери ҳаққында айтып берди:
– Жасалма интеллект экономика, билимлендириў, медицина, санаат, транспорт, экология ҳәм мәмлекетлик басқарыўдан баслап, мәлимлеме майданына да жедел кирип барып атырғаны ҳеш кимге сыр емес.
Өзбекстан да бул бағдарда халықаралық тенденцияларға сәйкес түрде өз сиясатын алып бармақта. Соның ишинде, “Санлы Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм оларды тараўлар кесиминде қолланыў имканиятын арттырыў және маман кадрлар таярлаў мәселеси тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиленди.

Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы тастыйықланды. Тараўда илимий бағдарға да айрықша итибар қаратылып, Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилди.
Кейинги жылларда жасалма интеллект технологияларының жедел раўажланып ҳәм ғалаба ен жайып атырғаны, бул тараўдағы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыў зәрүрлигин пайда етти.
Усы зәрүрликтен келип шығып бул нызам ислеп шығылды. Нызам менен “Мәлимлемелестириў ҳаққында”ғы нызамға жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўдың улыўмалық тийкарларын белгилеў ҳәм бул тараўдағы мәмлекетлик уйымның ўәкилликлерин анықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилди.
Атап айтқанда, “Мәлимлемелестириў ҳаққында”ғы нызамда “жасалма интеллект” түсинигине анықлама берилди. Жасалма интеллектти енгизиў ҳәм раўажландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў, сондай-ақ, ҳуқықый, технологиялық ҳәм экономикалық тийкарларды белгилеў – мәлимлемелестириў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленди.
Мәлимлемелестириў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли уйымның жасалма интеллект тараўындағы үш тийкарғы ўазыйпасы белгиленди.
Булар, бириншиден, жасалма интеллект бағдарына инвестицияларды тартыў ушын шараятлар жаратыў, екиншиден, мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматларын жасалма интеллект тийкарында қайта ислеў ушын техникалық инфраструктураны қәлиплестириў, үшиншиден, жасалма интеллект бағдарында кадрлар таярлаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, нызам менен мәлимлеме ресурсларын жаратыўда ҳәм мәлимлеме системаларының жумысында жасалма интеллекттен пайдаланыў тәртибиниң улыўма қағыйдалары болып есапланады.
Нызамға бола, жасалма интеллекттен пайдаланып жаратылған мәлимлеме ресурслары ҳәм бул тараўдағы мәлимлеме системалары инсанға, оның өмири, денсаўлығы, еркинлиги, абырайы ҳәм қәдир-қымбатына зыян жеткермеўи және оның басқа да ажыралмас ҳуқықларын бузбаўы шәрт екенлигин айрықша атап өтиў керек.
Жасалма интеллект технологиялары жәрдеминде нызамға қайшы түрде шахсқа байланыслы мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм оларды ҒХҚ ямаса Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында тарқатыўға жол қоймаў миннетлемеси белгиленди.
Нызам жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыў, олардан пайдаланыўдың улыўма тийкарларын белгилеў және бул тараўда жүзеге келетуғын қатнасықларда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға хызмет етеди.
Норгул Абдураимова, ӨзА