Районды социаллық-экономикалық раўажландырыў жумыслары додаланды

22

Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы менен танысыў ҳәм аймақ белсендилери менен ушырасыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы районда болды.

Ең дәслеп республикамыз басшысы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 5 гектар майданда Бәнтликке көмеклесиў фонды қаржылары есабынан  жаңадан қурылып атырған  «KEGEYLI GREEN HOUSE» ыссыхананың қурылыс  жумыслары менен танысты.

Буннан соң Бахытлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жасларды шет тиллерге оқытыў ҳәм жаңадан шөлкемлестирилген «IT – Орай»ының жумысларын, Халқабад посёлкасындағы емлеўханада халқымыз ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Танысыў барысында Ийшан қала мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы киши санаат зонасында әмелге асырылыўы белгиленген жойбарлардың барысы да көрип шығылып, жуўапкерлерге исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы халық ушын мәдений дем алыў орынларын шөлкемлестириў бағдарында Жилўан жап МПЖ аймағында «Зарбдор тәжирийбеси» тийкарында канал бойында дем алыў орны ҳәм Нурлы бостан елаты аймағында дем алыў орны ҳәм жаңа хызмет көрсетиўши субъектлерди шөлкемлестириў жойбарлары менен жақыннан танысты.

Усылар менен бир қатарда, районда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары, атап айтқанда, «Жаңа Өзбекстан» массивиндеги көп қабатлы жайларды қурыў, Халқабад посёлкасындағы көп қабатлы жайлар ушын канализация тармақларын қурыў жумыслары көрип шығылып, қурылыс жумысларын өз ўақтында, сапалы етип питкериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

Буннан соң, мәҳәллелердеги инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў бағдарында ҳәр бирине 3 млрд сумнан ажыратылған Жаңабазар ҳәм Абат аўыл пуқаралар жыйынлары пуқаралары менен ушырасып, ажыратылған қаржыларды өз орнында пайдаланыўын қадағалаўда мәҳәллениң нураный ақсақаллары, жасы үлкенлери белсене қатнасыўы керек екенлиги атап өтилди.

Соңынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылыўы тийис илажлар ҳәм буннан алдынғы мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўына арналған жыйналыс болып өтти.

Мәжилисте дәслеп, бурын белгилеп берилген тапсырмалардың бүгинги күнде орынланыўы, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көзқараста көрип шығылды. Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа кәрханалардың жумысларын шөлкемлестириў, көп қабатлы үйлерди қурыў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў,  исбилерменликти раўажландырыў бойынша да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де талқыланды.

Мәжилисте бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап атырғаны сынға алынып, жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер атап өтилди.

Буннан тысқары, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамий жаза шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги