Бийдайдың зүрәәтлилиги туқымның сапасына да байланыслы

“Туқымгершиликти раўажландырыў орайы” Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 2025-жылдан баслап жаңа система бойынша туқымлық ғәлле майданларында өткерилген апробация илажлары «E-urugʻ» электрон платформасы арқалы әмелге асырылмақта.
– 2026-жылдың зүрәәтинен туқымлық дән жетистириў мақсетинде районларда аўыл хожалығы субъектлери арасында «E-urugʻ» платформасы арқалы таңлаўлар өткерилди, – дейди “Туқымгершиликти раўажландырыў орайы” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бас қәнигеси Бердибек Наубеев.
Оған 123 субъект арза тапсырып, соннан 119 субъекттиң 4639 гектар жери туқымлық ғәлле жетистириў ушын таңлап алынды. Өткерилген таңлаў нәтийжелери бойынша жеңимпаз деп табылған 119 туқымгершилик субъекти тәрепинен 4639 гектар майданға туқымлық ғәлле егилип, бүгинги күнде тәрбиялаў жумыслары алып барылмақта.
Өткен жылдың декабрь айында туқымлық бийдай егилген майданларда оның раўажланыў фазалары ҳәм алып барылып атырған агротехникалық илажлардың барысы бойынша 1-мониторинг илажлар өткерилди. 2026-жылдың 25-январынан 25-февралъ сәнелери аралығында туқымлық бийдай егилген атызларда 2-мониторинг илажлары өткериледи.
Мониторинг жумыслары нәтийжесинде туқымгершилик субъектлери тәрепинен егилген туқымлық бийдайлардың раўажланыў жағдайлары үйренилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажлары, айырым бийдай атызларын туқымлық бийдай статусынан шығарыў илажлары әмелге асырылды. Ҳәзирги ўақытта екинши мониторинг илажлары өткерилмекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги