Техникумлар жумысының нәтийжелилигин арттырыў мәселелери көрип шығылды

28

Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик билимлендириў агентлиги тәрепинен Кеңес мәжилиси өткерилди.

Агентликтиң сектор баслықлары, хызметкерлери ҳәмде Кәсиплик билимлендириў шөлкемлери (техникумлар) директорлары қатнасқан Кеңес мәжилисин Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик билимлендириў агентлиги директоры А.Аяпов басқарып барды.

Ол мәжилисте белгиленген мәселелерге айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, 2025-2026-оқыў жылының 1-ярым жылы даўамында техникумлар жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде әмелге асырылған жумыслар, атқарыў тәртиби, Кәсиплик билимлендириў оқыў орынларында оқыў процеси жағдайларын жумысшы топар тәрепинен үйрениў барысы, оқыў орынларында ҳаял-қызлардың роли, кийиниў мәденияты әдеп-икрамлылық ҳәм жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, коррупция жағдайларына жол қоймаў мәселелери бойынша айтып өтти.

Өткерилген илажда жаратылып берилип атырған имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынып, айырым мәселелер сын көзқараста талқыланды.

Соның менен бирге, Кеңес мәжилисинде қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланды.

Мәжилисте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги