Көшелер абаданластырылып, заманагөй шараятлар жаратылады

30

Нөкис қаласында жол инфраструктурасын және де жақсылаў ҳәм транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Сабыр Камалов көшесинде оңлаў жумыслары алып барылып, аймақ күни-түни, 24/7 режиминде жумыс алып баратуғын кеўил ашар көшеге айландырылыўы режелестирилмекте.

Жойбар шеңберинде Сабыр Камалов көшесиниң Саяхатшылар көшесинен – Ғәрезсизлик көшесине шекемги болған 600 метр бөлеги ҳәм Ғәрезсизлик көшесиниң Ерназар Алакөз көшесинен – Сабыр Камалов көшесине шекемги болған 430 метр аралығы жаңаша көриниске келтириледи. Соның менен бирге, автомобиль жоллары кеңейтиледи ҳәм ени 15 метрге жеткериледи. Сондай-ақ, автомобиль жолының еки тәрепине бетон қапламалы салмалар, пиядалар ушын қолайлы жоллар қурыў ҳәм түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ислам Сдиков, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Тимур Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасының баслығы Умрбек Матназаров ҳәм Нөкис қаласының ҳәкими Абатбай Данияров усы аймаққа барып, әмелге асырылатуғын жумыслар менен орнында танысты ҳәм келешекте орынланатуғын ўазыйпалар бойынша көрсетпелер берди.

Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң, аймақ заманагөй, қолайлы ҳәм қәўипсиз, сондай-ақ, кеўилашар орталыққа ийе көшеге айланыўы күтилмекте.

                                                           Қарақалпақстан хабар агентлиги