Жас волейболшылар жеңимпазлық ушын беллести

53

Нөкис қаласында волейбол бойынша 19 жастағы қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, биринши орынды Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби командасы жеңип алыўға миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби ҳәм Қараөзек районлық спорт мектеби тәрбияланыўшыларына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы