Жасалма интеллекттиң заманагөй журналистикаға тәсири

54

Жасалма интеллект технологияларының тез раўажланыўы журналистика тараўында қарама-қарсы пикирлерди жүзеге келтирди.

Бир тәрептен, жасалма интеллект журналистлердиң жумысын жеңиллестирип, тезлик ҳәм нәтийжеликти арттырмақта. Екинши тәрептен болса, бул технология кәсиптиң келешеги ушын қәўип туўдырып атырғаны ҳаққында қәўетерлер бар.

Бүгинги күни жасалма интеллект спорт нәтийжелери, финанслық есабатлар ҳәм статистикалық мағлыўматлар тийкарында автоматикалық хабарлар жаратпақта. Бул болса, ғалаба хабар қуралларына информацияны тез жеткериў ҳәм журналисттиң аналитикалық және дөретиўшилик жумыслар ушын ўақтын үнемлеў имканиятын бермекте.

Соның менен бирге, қәнигелер жасалма интеллект журналистиканың тийкарғы принциплери – әдеп-икрамлылық, сын көзқарастан пикирлеў ҳәм социаллық жуўапкершиликти толық тәмийинлей алмайтуғынын атап өтеди. Жасалма интеллектке ҳәдден тыс исениў надурыс ямаса бир тәреплеме информация тарқалыўына алып келиўи мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, машқала жасалма интеллекттиң өзинде емес, ал оннан журналистлердиң қалай пайдаланылып атырғанында болып табылады. Сонлықтан, жасалма интеллект журналисттиң орнын басыўшы емес, ал оның жәрдемшиси сыпатында қолланылғанда ғана журналистика раўажланады. Болмаса, инсан факторының азайыўы тараўдың социаллық әҳмийетине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Бийбисара Жартыбаева,

Бердақ атындағы ҚМУдың 2-курс магистранты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги