Илимпазлар Юпитер ҳаққындағы түсиникти өзгертти

31

50 жылдан аслам ўақыт даўамында Юпитердиң өлшеми ҳәм формасы ҳаққындағы мағлыўмат өзгермей келген. Ақырында Вейцманн илим институты илимпазлары заманагөй технология ҳәм жаңа мағлыўматлар тийкарында бул түсиникти қайта көрип шықты.

“Nature Astronomy” журналында жәрияланған изертлеў жуўмағында Италия, АҚШ, Франция ҳәм Швейцария илимпазларынан ибарат халықаралық топар Юпитердиң өлшемин ҳәм формасын ең жоқары анықлықта есаплап шықты.

Атап айтқанда, алдынғы есап-санаққа салыстырғанда бираз киши екени анықланған планетаның радиусы экватор бөлиминде 4 километр, поляр бөлиминде болса 12 км қысқа екенлиги мәлим етилди. Жана өлшеў бойынша, Юпитердиң экватор радиусы 71 484 км, поляр радиусы болса 66 842 км. Бәрибир, бул планета көлеми елеге шекем Қуяш системасында ең үлкени.

Вейсман институты Жер ҳәм планеталық илимлер бөлиминиң профессоры Йохай Каспийдиң атап өтиўинше, өлшемди анықлаў ушын айланба ҳәм Жерге салыстырғандағы аралықты бақлаў жетерли. Жоқары анықлыққа ерисиў ушын болса қурамалы илимий усыллар қолланылған.

Изертлеўдиң басшысы доктор Эли Галанти Юпитер ҳаққындағы бурынғы мағлыўмат NASAдағы “Voyager” ҳәм “Pioneer” миссиялары даўамында алынған ҳәм тек алты өлшемге тийкарланған еди. “Juno” аппараты арқалы әмелге асырылған бул ретки тәжирийбе болса 26 заманагөй өлшеў нәтийжесине тийкарланған.

Ф.Яхшибоева,

ӨзА