Депутат ҳәм жаслар ушырасыўы

6

Елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм заманагөй кәсиплерге бағдарлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған.

Усы мақсетте, Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен де аймақларда “Креатив исбилермен жаслар” жойбары шеңберинде бир қатар ушырасыў кешелери шөлкемлестирилмекте.

Атап айтқанда, ӨзЛиДеПтен Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова қатнасыўында Хожели районында жайласқан Жаслар социал-экономикалық орайында мәҳәллениң креатив ҳәм белсенди жаслары менен ашық сәўбет өткерилди.

Ушырасыўда бүгинги күнде жаслар ушын жаратылып атырған кең имканиятлар, әсиресе, билимлендириў, исбилерменлик, санлы технологиялар ҳәм инновация тараўларындағы жаңа шараятлар талқыланды.

Бәршеге мәлим, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан заманагөй Жаслар социаллық-экономикалық орайы қурылмақта. 2026-2030-жылларда бул орайды раўажландырыў ушын 400 миллион АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў режелестирилген.

Орай аймағында IT университети, стартаплар технопарки, инновациялық топарлар, жойбарлаў офислери, өндирис кәрханалары, турақ жайлар, сондай-ақ, социаллық ҳәм мәдений-ағартыўшылық обектлердиң шөлкемлестирилиўи жаслар ушын пүткиллей жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Бул болса жаслардың заманагөй билим алыўы, өз бизнес идеяларын әмелге асырыўы ҳәм турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлениўине хызмет етеди.

Ушырасыў шеңберинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен “Креатив исбилермен жаслар” жойбары тийкарында “Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” атамасында ашық сәўбетлесиў кешеси шөлкемлестирилди. Онда депутат Гүлжан Халмуратова, партия белсендилери, жас қәнигелер қатнасып, жасалма интеллект, санлы экономика ҳәм IT тараўында жаслар ушын ашылып атырған имканиятлар ҳаққында өз-ара пикир алысты.

Сәўбет даўамында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, орай аймағында келешекте әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарларда белсене қатнасыў тилегин билдирди. Депутат жаслардың бундай басламалары партия тәрепинен турақлы қоллап-қуўатланатуғынын атап өтти.

 

                                                                           Қарақалпақстан хабар агентлиги