«Мәҳәллениң исбилермен ҳаялы» жойбары Хожели районында

Алдын хабар бергенимиздей, ӨзЛиДеП басламасы менен әмелге асырылып атырған «Мәҳәллениң исбилермен ҳаялы” жойбары шеңбериндеги таңлаўдың мәҳәлле басқышлары аймақларда даўам етпекте.
Атап айтқанда, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хожели районлық Кеңесиниң “Ҳаял-қызлар қанаты” басламасы менен Хожели районындағы “Қумбыз,” “Қырқыншы” ҳәм “Шағала көл” мәҳәлле ҳаял-қызларының қатнасыўында таңлаўдың мәҳәлле басқышы өткерилди. Илажда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова қатнасып, мәҳәллелерде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлардың тәжирийбеси ҳәм жетискенликлерин жоқары баҳалады.
“Қырық қыз текстиль” ЖШЖ ательесинде болып өткен илажда исбилермен ҳәм өнермент ҳаял-қызлардың жумыс тәжирийбеси, кәсиплик шеберлиги, басламашылығы және социаллық белсендилиги тийкарғы өлшемлер бойынша баҳаланды. ЖШЖ баслығы Наргүл Қудайбергенова миллий кийим-кеншек, көрпе-төсек, миллий ҳәм заманагөй келин көйлеклер ҳәм той буйымларын ислеп шығарыў менен шуғылланады. Оның өнимлери тек ғана жергиликли базарда емес, ал қоңсы мәмлекетлерде де үлкен талапқа ийе.
Наргүл Қудайбергенова жумысында “устаз-шәкирт” дәстүрин әмелге асырған ҳалда, жасларды мийнетке тартпақта. Ҳәзирги күнде ол 52 турақлы ҳәм 70 мәўсимлик жумысшы менен бирге ислеседи, олардың көпшилиги шәкиртлер есапланады. Бул тек ғана жумыс орынларын жаратыўда емес, ал жасларға кәсип ҳәм тәжирийбе бериўде де үлкен әҳмийетке ийе.
Таңлаў шеңберинде «Қырқыншы» МПЖдағы “Аida’s bakery house” ҳәм «Шағала көл» МПЖдағы “Sarpo Showroom” текстильинде жумыс алып барып атырған исбилермен ҳаял-қызлар да өз жойбарлары ҳәм жетискенликлери менен қатнасты. Олар тәрепинен жаратылған жумыс орынлары, енгизилип атырған заманагөй көзқараслар сондай-ақ, мәҳәллениң социаллық турмысындағы белсене қатнасыўы төрешилер қурамы тәрепинен жоқары баҳаланды. Әсиресе, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламалар айрықша атап өтилди ҳәм ең мүнәсиплерге таңлаўдың кейинги басқышына жолламалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги