Шаңарақларды Социаллық реестрге киргизиў тәртиби белгиленди

Ҳүкиметтиң 2026-жыл 29-январьдағы қарары менен “Социаллық реестрди жүргизиў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.
Оған бола, арза бериўши шаңарағын Реестрге киргизиў ушын мәмлекетлик хызметлер орайы, ўәкилликли уйымға барған ҳалда ямаса социаллық хызметкер арқалы мүрәжат етеди.
Сондай-ақ, “БМСҚ” МС, БИМХП ямаса “Социаллық карта” мобил қосымшасы арқалы еркин түрде арза бериў имканияты да жаратылған.
Атап өтиў орынлы, ҳәр бир шаңарақ 1 айда тек ғана 1 мәрте арза тапсырыўы мүмкин.
Шаңарақтың социаллық-экономикалық жағдайы дәслепки баҳалаўдан өткериледи.
Баҳалаў нәтийжеси бойынша арза бериўшиниң шаңарағын “мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ” ҳәм “кәмбағал шаңарақ” деп табыўды бийкарлаў ушын тийкарлар анықланбаған жағдайда ғана арза социаллық хызметкердиң жеке кабинетине сораўнама толтырыў ушын жибериледи.
Арза бериўши тәрепинен тастыйықланған сораўнама мәлимлеме модулинде автомат түрде “мәҳәлле жетилиги”не жибериледи.
Жуўмақ “мәҳәлле жетилиги” тәрепинен тастыйықланғаннан соң “БМСҚ” МС 3 жумыс күни ишинде шаңарақтың социаллық-экономикалық жағдайын жуўмақлаўшы баҳалаўдан өткереди.
Шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын 1 айлық жәми орташа дәрамат ақырғы 3 ай ушын есапланған барлық шаңарақ ағзаларының дәраматы суммасын шаңарақ қурамына киргизилетуғын шаңарақ ағзаларының санына ҳәм 3 ке бөлиў арқалы анықланады.
Реестрге шаңарақлар “мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ,” “кәмбағал шаңарақ” ҳәм “кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ” категорияларына ажыратылған ҳалда киргизиледи.
Шаңарақлар олар Реестрге киргизилген күннен баслап төмендеги мүддетлерде шаңарақ ағзаларының қатнасыўында сораўнама қайта толтырылады:
“мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ” – ҳәр 12 айда;
“кәмбағал шаңарақ” – ҳәр 6 айда.
Бул система арқалы халыққа және де қолайлық жаратыў мақсет етилген.
Шербек Исломов, ӨзА