“Жедел турмысқа қәдем”: наўқасларды күтиўдиң инсаныйлық системасы енгизилмекте

Соңғы жыллары дүнья көлеминде қартайыў менен байланыслы нейродегенерациялық кеселликлер: Деменция, Альцгеймер ҳәм Паркинсон кеселликлери “жуқпалы болмаған пандемия” сыпатында тән алынбақта. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде дүньяда 55 миллионнан аслам инсан еслеў ҳәм ақыл-ой жумысының жоғалыўынан қыйналмақта. 2050-жылға келип бул көрсеткиш 139 миллионға жетиўи прогноз етилген.
Бул кеселликлер тек ғана инсанның еслеў қәбилетин емес, ал оның шахс сыпатында өзин-өзи басқарыў қәбилетин де жемирип барады. Бурын бул тек ғана “қартайыў белгиси” деп қаралған болса, бүгинги медицина бул процессти мий клеткаларының патологиялық өлими сыпатында классификациялайды. Тилекке қарсы, ҳәзирги күнде бул кеселликлерди пүткиллей емлеп болмайды, бирақ ерте басқышта дурыс күтим ҳәм социаллық байланыс арқалы кеселлик өтиўин 30-40 процентке шекем азайтыў мүмкин.
Министрлер Кабинети тәрепинен усы жылдың 29-январында қабыл етилген қарар мине усындай наўқаслар ҳәм олардың шаңарақлары ушын айрықша әҳмийетке ийе.
Себеби, 2026-жыл 1-марттан баслап деменция, Паркинсон ямаса Альцгеймер диагнозы қойылған шахслар ушын күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў хызмети жолға қойылады.
Нәтийжеде наўқаслар жәмийеттен үзилип қалмайды. Күндизги орайлардағы социаллық белсендилик ҳәм арнаўлы шынығыўлар мий искерлигин қоллап-қуўатлайды.
Сондай-ақ, наўқастың жақынларынан бири оның күтими ушын жумысын таслаўға мәжбүр болмайды.
Енди реестрге киргизилген шахслардың жасаў шараятларын ҳәр шеректе қайта баҳалаў ямаса жыллық медициналық тексериў кестелерин дүзиў сыяқлы тосқынлықлар бийкар етилди.
Бул реформа “Инсан қәдири ушын” принципиниң әмелий көриниси болып, Өзбекстанда социаллық қорғаўдың сапа жағынан жаңа, халықаралық стандартларға сай басқышқа шығып атырғанынан дерек береди.
Моҳигул ҚОСИМОВА, ӨзАның хабаршысы