“А” ҳәм “В” категориядағы айдаўшылық гүўалығын алыў тәртиби өзгерди

22

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти мәлимлеме хызметинен мәлим етиўинше, 2026-жыл 1-февральдан “А” ҳәм “В” категориядағы айдаўшылық гүўалығын алыў тәртиби өзгерди.

– Министрлер Кабинетиниң 636-санлы қарарына бола, енди теориялық билимлерди оқыў орайына бармастан да үйрениў мүмкин, – деди Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти мәлимлеме хызметиниң баслығы Музифа Султанова. – Яғный, қәлесеңиз онлайн курсларда, офлайн курсларда ямаса өзиңиз еркин таярланып оқыйсыз.

Әмелият болса (руль басқарыў шынығыўлары) мәжбүрий болып қалады. Бул шынығыўлар мәмлекетлик ямаса жеке меншик (мәмлекетлик емес) автооқыў орайларында толық өтилиўи шәрт. Әмелият толық жуўмақланғаннан кейин теориялық ҳәм әмелий имтихан тапсырылады. Имтиханлардан табыслы өткенлер айдаўшылық гүўалығын алады.

Әмелияттың тамамланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама қағазда емес, электрон түрде рәсмийлестириледи.

Енди “А” ҳәм “В” категориядағы транспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў оқыў топарларын Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметинде дизимге алыў тәртиби бийкар етиледи.

Н.Абдураимова, ӨзА