Кадрлар таярлаў процеси депутатлар нәзеринде

33

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзХДП фракциясының ағзасы Сайёра Имамованың қатнасыўында Беруний районындағы 2 ҳәм 3-санлы техникумларда ҳәм Елликқала районындағы Әбиў Әлий ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжаты және “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов, Беруний районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Давронбек Каримов, халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының ағзалары, техникумлардың оқытыўшылары, оқыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер тәрепинен атап өтилгениндей, Мүрәжатта 2026-жылдан баслап алдынғы сырт ел билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың саны 100 ге жеткерилиўи, дуал билимлендириў тийкарында оқып атырған 100 мың оқыўшыға стипендия төлениўи ҳәм айрықша баҳаларға оқып атырғанларға арттырылған муғдардағы стипендиялар берилиўи белгиленген. Билимлендириўдиң теория ҳәм әмелият пенен үнлеслиги, дуал билимлендириў системасының енгизилгени маман кадрлар таярлаўда үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Депутатлар бул билимлендириў мәкемелериниң жумысы менен жақыннан танысты. 2-санлы техникумда заманагөй оқыў ханалары, автодром ҳәм лабораториялар шөлкемлестирилген. 3-санлы техникумда заманагөй оқыў ханалары, автомобиль айдаў, оңлаў ханалары ҳәм устаханалар арнаўлы үскенелер менен тәмийинленген болып, оқыўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған. Сондай-ақ, спорт залы инвентарьлар менен тәмийинленген.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары системасын жаратыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.  2026-жылдан барлық аймақларда Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумлары ҳәм “Кәсиплер қалашасы” шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, питкериўшилер ҳәм жумыс бериўшилерди байланыстыратуғын санлы экосистема жолға қойылады.

Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткен ушырасыўда қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги