Депутат ҳәм жаслар: креатив идеялар ҳәм жасалма интеллект мәселелери талқыланды

Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен “Креатив исбилермен жаслар” жойбары шеңберинде Нөкис районы “Қырантаў” АПЖ аймағында жайласқан қәнигелестирилген мектепте ӨзЛиДеПтен жергиликли Кеңес депутатлары, партия белсендилери, жас қәнигелер, мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылары қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илажда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Бахытбай Алдамуратов қатнасып, “Депутат ҳәм жаслар” сәўбети ҳәм “Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбары шеңберинде жаслар менен ушрасты.
Ушырасыўда атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект ҳәм робототехника тараўларына болған талап жыл сайын артып бармақта. Бул бағдарларда билим ҳәм көнликпелерге ийе болған жаслар мийнет базарында жоқары бәсекиге шыдамлы есапланады. Сонлықтан, улыўма билим бериў мектеплеринде IT бағдарындағы дөгереклердиң жумысын раўажландырыў, робототехника ҳәм программаластырыў тийкарларын оқытыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
“Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбары шеңберинде жаслар өзлериниң креатив идеялары, инновациялық қолланбалары ҳәм исбилерменлик басламалары менен депутатларды таныстырып, IT тараўындағы дәслепки жетискенликлери менен бөлисти. Депутатлар тәрепинен жаслардың дөретиўшилик ҳәм инновациялық потенциалын исбилерменлик пенен шуғылланыў арқалы жүзеге шығарыў бойынша баҳалы усыныс ҳәм кеңеслер берилди.
Сондай-ақ, “Депутат ҳәм жаслар” ушырасыўы даўамында жаслардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың нызам дөретиўшилиги ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы қатнасыўы мәселелери додаланды. Депутат жасларды белсенди пуқаралық позициясына ийе болыўға, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларға бийпәрўа болмаўға шақырды ҳәм оларды қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап берди.
Илаж даўамында улыўма билим бериў мектеплеринде жаслардың потенциалын раўажландырыў, IT тараўында билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, робототехника ҳәм заманагөй санлы технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша презентация өткерилди.

Ушырасыў жуўмағында партия қатарына қабыл етилген мектеп муғаллимлерине ағзалық гүўалықлары тапсырылып, белсенди ҳәм басламашы оқыўшылар китаплар менен хошаметленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги