Қарыздарлық ҳәм алимент мәселелери итибар орайында

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминовлардың басшылығында Президенттиң “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы талаплары тийкарында суд ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин арттырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң гезектеги кеңейтилген мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте аймақлық Кеңес ағзалары, Мәжбүрий орынлаў бюросы аймақлық басқармасы, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери, прокуратура ҳәм басқа да жуўапкер уйымлардың ўәкиллери қатнасты.
Суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бағдарында айырым әҳмийетли машқалалардың сақланып қалып атырғаны, мәмлекетлик үлеси болған кәрханалар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң қарыздарлығы, аукционда узақ мүддет сатылмаған мүлклер менен байланыслы машқалалар кескин сынға алынды.
Сондай-ақ, алимент өндириўлер ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлардағы ҳүжжетлердиң орынланыўына, жумыссыз алимент төлеўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине де тоқтап өтилип, жуўапкерлердиң түсиниклери тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги