Алимент өндириў менен байланыслы мүрәжат унамлы шешилди

Қоңырат районында жасаўшы Т.А.ның шаңарағындағы келиспеўшилик ақыбетинде жас ана Р.М. үш перзентин алып, әкесиниң үйине кетиўге мәжбүр болды. Арадан бираз ўақыт өтсе де, баланың әкеси я перзентиниң, я өмирлик жолдасының ҳалынан хабар алмады, материаллық жәрдем көрсетпеди.
Перзентлерин жалғыз өзи бағып атырған ана қыйналғаннан соң, Өзбекстан Республикасы Президентине мүрәжат қалдырыўға мәжбүр болды. Оның арзасы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Мүрәжатлар менен ислесиў бөлимине келип түскеннен соң, көрип шығылып, алимент төлеўден бас тартып келген әкеге шара көриў ушын Мәжбүрий орынлаў бюросының Қоңырат районлық бөлимине көрсетпе берилди.
Жағдай бойынша сорастырыў ҳәрекетлери ўақтында қарыздар әке бул жумыстың ақыбети жақсы болмайтуғынын, әкелик жуўапкершилигин сезинди. Оннан дерлик 36 миллион сум алимент қарызы толық өндирип алынды.
– Әмелдеги нызамшылыққа бола, алимент жас өспирим перзентлер, сондай-ақ, мийнетке жарамсыз ата-ананың нызамлы ҳуқықы есапланады, – дейди МОБ ҚР басқармасы Мүрәжатлар менен ислесиў секторының аға инспекторы Қаҳраман Турсынбаев. – Оны төлеў миннетинен бас тартыў нызам алдында жуўапкершиликке алып келиўи мүмкин. Қоңыратлы алиментшы әкениң қылмысы да буның айқын дәлили болады.
Алимент қарыздарлығы толық өндирилгеннен соң, мәмлекетлик орынлаўшылар Т.А.ға перзентлери ушын белгиленген алимент пулын өз ўақтында төлеп барыў бойынша усынысларын берип, оның ақыбетлерин қайта түсиндирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги