Пленум қарары орынланыўы менен әҳмийетли

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд Пленумының “Судлар тәрепинен жеке меншик емес ҳуқықлар ҳәм басқа материаллық емес байлықларды қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты қолланыў әмелияты ҳаққында”ғы қарарынан келип шығып, Пленум қарарында:
– шахстың разылығысыз ямаса бундай разылық берилген мақсетлерден тысқары кѳрсетилген мағлыўматларды нызамсыз жыйнаў, тарқатыў, жәриялаў ямаса олардан пайдаланыў – ҳуқықты бузыў деп тән алыныўы;
– балалар ҳәм шаңарақлық қатнасықлар ҳаққындағы мағлыўматлардың әшкара етилиўи – абырай, қәдир-қымбат ҳәм басқа жеке ҳуқықларға айтарлықтай зыян жеткериў деп баҳаланыўы;
– бундай мағлыўматлар ѳз алдына қорғалыўы кереклиги ҳаққында түсиниклер берилмекте.
Сондай-ақ, мәлимлемени тарқатқан шахсты анықлаў мүмкиншилиги болмаса, яғный сол мәлимлеме аноним хатлар формасында тарқатылғанында, интернет тармағында мәлимлеме-коммуникация системаларында орналастырылғанында, егер тарқатыў дерегин анықлаў имканиятсыз болса, сондай-ақ, мәлимлеме тарқатыўшы шахс ѳлген жағдайларда ҳуқықы бузылған шахстың тарқатылған мәлимлеме ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматлар екенлиги фактын анықлаў ҳаққындағы арзасына тийкар, ѳз алдына ис жүргизиў тәртибинде де кѳрип шығылыўына жол қойылыўы туўралы түсиниклер берилген.
Н.Таиров, Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының судьясы,
Қарақалпақстан хабар агентлиги