Өзбекстан Испания туристлери ушын тартымлы жөнелиске айланбақта

21

Жәҳән туризм базарында Өзбекстанға болған қызығыўшылық жылдан-жылға күшейип бармақта. Бай тарийх, бийтәкирар архитектуралық естеликлер, миллий дәстүрлер ҳәм миймандослық мәмлекетти халықаралық туристлер ушын тартымлы жөнелиске айландырмақта.

Әсиресе, соңғы жыллары Европа мәмлекетлери, атап айтқанда, Испаниядан келип атырған туристлер санының артып атырғаны Өзбекстанның туризм тараўындағы абырайы артып атырғанын көрсетеди.

Испанияның туризм тараўына қәнигелескен “Agenttravel” басылымында жәрияланыўынша, Өзбекстан Европа туристлериниң итибарын барған сайын көбирек тартып атырған ең перспективалы туризм жөнелислеринен бири сыпатында өз абырайын беккемлеп атырған абырайлы мәмлекетлер қатарында.

Басылымға бола, мәмлекет Албания ҳәм Грузия қатарында дәстүрий туристлик маршрутлардан тысқары жаңа тәсирлер излеп атырған туристлер ушын тартымлы бағдарлар қатарына киргизилген.

Қызығыўшылықлар, бәринен бурын, Өзбекстанның бай мәдений мийрасы, Орайлық Азияға тән экзотикасы ҳәм транспорт имканиятларының жақсыланыўы менен байланыслы. Атап айтқанда, Европа мәмлекетлери менен авиабайланыслардың кеңейиўи, соның ишинде, Испаниядан тиккелей авиарейслердиң жолға қойылыўы туристлер ушын сапарларды бираз жеңиллестирди.

Сондай-ақ, мәмлекетке кирип киятырған туристлер ағымының турақлы өсиўи бақланбақта. Өзбекстан Уллы Жипек жолы бойлап шөлкемлестирилетуғын мәдений-ағартыўшылық саяхатлар бағдарламаларына барған сайын көбирек киргизилмекте. Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа тек ғана тарийхый қалалар емес, ал өзине тән орталық, бай дәстүрлер ҳәм жоқары миймандослықты жәмлеген толық түрдеги туризм брендлерине айланып бармақта.

Тараўдағы экспертлердиң пикирине бола, Өзбекстан халықаралық туризм базарында және де жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын барлық зәрүр потенциалға ийе.

Инфраструктураны раўажландырыў пәтлерин сақлап қалыў, сырт елде мәмлекеттиң туризм имканиятларын жедел үгит-нәсиятлаў ҳәм авиақатнаўларды қоллап-қуўатлаў арқалы Өзбекстан европалы туристлер ушын ең әҳмийетли жаңа туристлик ашылыўлардан бирине айланыўы мүмкин.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА