Ҳәкимшилик судта бир күн: судьялар жаслар менен сәўбетлести

7

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судында студент-жаслар қатнасыўында «Ашық есиклер күни» илажы шөлкемлестирилди.

Бул баслама жасларды суд-ҳуқық системасының жумысы менен жақыннан таныстырыў, суд ислерин санластырыў арқалы инсан факторын азайтыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, суд системасында коррупцияға қарсы гүресиўге қаратылған реформаларды кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде өткерилди.

Илаж даўамында судьялар тәрепинен Ҳәкимшилик судлардың тийкарғы ўазыйпалары, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын қорғаўдағы орны ҳәм судларға мүрәжат етиўде жаратылған заманагөй қолайлықлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди. Әсиресе, суд системасында енгизилген интерактив хызметлер, электрон мүрәжатлар, санлы суд процесслериниң абзаллықлары ҳаққында толық түсиниклер берилди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар суд заллары, кеңсе, архив ҳәм басқа да хызмет бөлмелери менен танысып, суд жумысларының әмелде қалай шөлкемлестирилип атырғанына гүўа болды. Бул болса, жасларда судларға исеним ҳәм қалыс қатнасты қәлиплестириўге хызмет етти.

Ашық сәўбетлесиў даўамында студентлер ушын интерактив ойын өткерилип, онда судьялар тәрепинен берилген ҳуқықый сораўларға жаслар жуўап бериў менен бирге, олардан толық мағлыўматлар алыў имканиятына ийе болды. Белсенди, билими ҳәм қызығыўшылығы менен ажыралып турған студентлерге болса руўхый-ағартыўшылық әҳмийетке ийе болған ҳәр қыйлы китаплар саўға етилди.

«Ашық есиклер күни» илажы жаслардың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыўда, судлардың жумысына болған ашық-айдынлық принциплерин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги