Өзбекстан-Түркия: Хатайдағы «Өзбекстан» комплекси – туўысқанлықтың жарқын тымсалы

Кейинги жыллары Өзбекстанның сыртқы сиясатында туўысқан мәмлекетлер менен қатнасықларды анық мақсет ҳәм әмелий нәтийжелер тийкарында раўажландырыў тийкарғы бағдарға айланды. Усы көзқарастан, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасына рәсмий сапары еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққан әҳмийетли сиясий ўақыя болды.
Анкара қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлар Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы сиясий сөйлесиў турақлы, ашық ҳәм өз-ара исенимге тийкарланғанын және бир мәрте тастыйықлады. Тәреплердиң регионаллық қәўипсизлик, экономикалық турақлылық ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша өз-ара жақын позицияларға ийе екенлиги еки мәмлекет арасында қабыл етилип атырған қарарлардың узақ мүддетли ҳәм турақлы болыўын тәмийинлейди.
Сапар етиў шеңбериндеги ең әҳмийетли ўақыялардан бири – Хатай ўәлаятында Өзбекстан тәрепинен қурылған “Өзбекстан” турақ жай комплексиниң ашылыўы болды. Үш жыл алдын жүз берген күшли жер силкиниў нәтийжесинде Түркияның бир қатар аймақлары үлкен экономикалық ҳәм социаллық зыян көрген еди. Өзбекстан бул апатшылықтың дәслепки күнлеринен баслап Түркияға гуманитарлық жәрдем көрсеткен мәмлекетлер қатарында болды.
Атап айтқанда, жер силкиниў аймағына 100 қутқарыўшы ҳәм 70 медицина хызметкери жиберилди. Излеў-қутқарыў жумыслары нәтийжесинде 18 адам тири қалдырылды, 200 ге шамалас жәбирленгенлер ўайранлар астынан қутқарып алынды. Өзбекстан тәрепинен шөлкемлестирилген дала емлеўханасында 4 мыңнан аслам наўқасқа медициналық жәрдем көрсетилди. Бул көрсеткишлер көрсетилген жәрдемниң символикалық емес, ал анық ҳәм нәтийжели болғанын айқын көрсетеди.
Сондай-ақ, Өзбекстан тәрепинен қысқа мүддетте Хатай ўәлаятының Арсуз районында 24 көп қабатлы жайдан ибарат, 300 ден аслам толық үскенеленген квартираларға ийе турақ жай комплекси қурылды. Комплекс барлық зәрүр инженерлик коммуникациялары ҳәм социаллық инфраструктура объектлери менен тәмийинленген.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң сапары шеңберинде Өзбекстан – Түркия экономикалық бирге ислесиўин және де тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми кейинги жыллары турақлы өсип, 3 миллиард долларға жетти. Өткен жылы биргеликтеги кәрханалардың саны 2,2 мыңнан асты, өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми болса 10 миллиард долларды қурады. Келеси жылларда саўда көлемин 5 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажлар белгилеп алынды. Соның менен бирге, еки мәмлекет арасында ҳәптесине 100 ге шамалас авиақатнаў әмелге асырылмақта, Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында 9 миллиард долларлық жойбарлар портфели қәлиплестирилген.
Сапар етиў шеңберинде санаат, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм қурылыс тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған 10 нан аслам ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылды. Атап айтқанда, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, еркин экономикалық зоналарда түрк инвестициясын тартыў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул жойбарлар шеңберинде бир неше мың жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, заманагөй технологиялар ҳәм басқарыў тәжирийбеси енгизилиўи нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, сапар даўамында Стамбул қаласының Бекиркёй районында Өзбекстанның сырт елдеги биринши мектебиниң қурылысы басланды. Бул билимлендириў мәкемеси Түркияда жасап атырған өзбек пуқараларының перзентлерине ана тилинде билим алыў, миллий мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлаў имканиятын жаратады. Бул баслама билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа – институционаллық басқышы болып есапланады. Мектепте заманагөй билимлендириў технологиялары енгизиледи ҳәм ол еки мәмлекет арасында билим ҳәм мәденият алмасыўы ушын әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасына рәсмий сапары Өзбекстан – Түркия қатнасықларын декларациялық дәрежеден анық әмелий бирге ислесиў басқышына алып шықты.
Хатайдағы “Өзбекстан” турақ жай комплекси, қол қойылған экономикалық келисимлер ҳәм Стамбулда қурылысы басланған өзбек мектеби еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликтиң айқын көриниси болып есапланады.
Мәмлекетлер арасындағы келисимлердиң сапалы ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм парламентлераралық комиссиялардың белсене қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе. Бул тек ғана туўысқан мәмлекетлер менен бирге ислесиўди беккемлеп қоймастан, ал қол қойылған экономикалық ҳәм социаллық жойбарлардың узақ мүддетли турақлылығын тәмийинлейди ҳәм еки мәмлекеттиң стратегиялық шериклигиниң нәтийжелилигин арттырады.
Севара УБАЙДУЛЛАЕВА,
Олий Мажлис Нызмашлық палатасы депутаты.
ӨзА