“Жетилик” нәтийжели ислесе, мәҳәлледе машқала қалмайды

36

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова Қоңырат районындағы Қаратал мәкан пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле белсендилери ҳәм «жетилик» ағзалары менен ушырасты.

Ушырасыўда Президентимиздиң тәрепинен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өткерилген видеоселекторда усы системаның алдына қойылған ўазыйпалар додаланды. Сондай-ақ, усы жылдың 27-январь күни Президент Ш.Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент қаласында қәўипсиз орталықты қәлиплестириў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти нәтийжели тәмийинлеў бойынша үлгили әмелиятты жаратыў илажларына бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин сайлаўшыларға жеткериў бойынша мәселелер додаланды.

– “Жетилик”ке реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын тийкарғы күш сыпатында қаралып атырғаны бийкарға емес. Себеби, бул системаның ислеўи ушын зәрүрли барлық шараятлар жаратылған. Егер мәҳәлледе жумыссызлық ямаса кәмбағаллық пенен байланыслы машқалалар көп болса, демек, бул системаның жақсы ислемей атырғанына байланыслы, – дейди депутат Г.Халмуратова.

Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, бул мәҳәлледеги 765 шаңарақта 3373 адам жасайды. Мәҳәлле тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. Усы мәҳәллениң турғынлары ушын ишимлик суўы менен байланыслы мәселелер үлкен әҳмийетке ийе болып, депутат бул мәселелерди сапластырыў ҳәм мәҳәлле турғынларының турмыс дәрежесин арттырыў илажларын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Ушырасыўлар даўамында халық ўәкили 41-санлы улыўма билим бериў мектебинде де болып, бул жердеги шараятларды көзден өткерди. 1991-жылы шөлкемлестирилген бул мектеп 3 мәрте реконструкцияланған. Ҳәзирги ўақытта 60 тан аслам педагог 598 оқыўшы менен жумыс алып бармақта.

Депутат муғаллимлер ҳәм оқыўшылар менен сөйлесип, билимлендириў бағдарындағы жаңалықлар, Президент Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында белгилеп берилген алты тийкарғы бағдар, сондай-ақ, жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Итибарлысы, бул мектеп 3 мәрте Басламалы бюджетте жеңимпаз болды. Соның арқасында мектеп ушын керекли әсбап-үскенелер сатып алынып, газонлар қурылды. Базалық техникалары жақсыланды.

Ушырасыўлар даўамында мәҳәлле турғынлары депутатқа өзлериниң пикир-усынысларын, мүрәжатлерин билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги