Жасыл энергетиканы раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың Қытайдың “Shenzhen Anxun Technology Co. Ltd.” компаниясы делегациясы ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда жасыл энергия ислеп шығарыў, жоқары нәтийжели энергия сақлаў системалары ҳәм жаңа әўлад есаплаў орайын (Data Centre) жаратыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Компания вице-президенти Ю.Вейбинниң сөзлерине бола, Өзбекстанды таңлаўға бир қатар факторлар, соның ишинде, “Санлы Өзбекстан – 2030” бағдарламасы шеңберинде жоқары технологиялы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм салық жеңилликлери, мәмлекеттиң Орайлық Азиядағы транспорт-коммуникация орайы сыпатындағы географиялық жайласыўы, қуяш энергетикасының үлкен потенциалы (жылына 3000 сааттан артық қуяш нурланыўы) тийкар болған.
Ушырасыў даўамында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, келешекте анық жойбарлар бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириў ҳәм тийисли усыныслар ислеп шығыў бойынша келисимге еристи.

Мағлыўмат ушын, “Shenzhen Anxun Technology Co. Ltd.” компаниясы 2016-жылы шөлкемлестирилген. Шенчжен қаласында жайласқан. Жасалма интеллект, есаплаў қуўатлылығы, киберқәўипсизлик ҳәм арнаўлы ASIC (Samsung) чиплерин ислеп шығарыўға қәнигелескен Қытайдың миллий жоқары технологиялық кәрханаларынан бири болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги