Жуўапкерли ўазыйпада белсендилик көрсетти

Бәршемизге белгили усы жылдың 15-январь сәнесинен баслап елимизде халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларына рәсмий түрде старт берилди.
Миллий статистика комитети тәрепинен бул процессте белсендилик көрсетип, сораўнаманы онлайн тәризде дурыс ҳәм толық толтырған пуқаралар арасында таңлаў жәрияланған еди. Таңлаў нәтийжесине бола Хожели районы “Саршунгил” мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Феруза Шамуратова жеңимпаз деп табылды ҳәм заманагөй планшеттиң ийеси болды.
Хожели районы ҳәкимлигинде бул сыйлық Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы баслығы Т.Ғаниев ҳәм район ҳәкими Ж.Ермашев қатнасыўында салтанатлы түрде тапсырылды. Буннан соң, тийисли тараў жуўапкерлери менен биргеликте барлық қатнасыўшыларға халқымыздың дизимнен өтиўде белсендилигин және де арттырыў ҳәм мағлыўматларды итибарлылық пенен толтырыў бойынша бир қанша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агнетлиги