Мәҳәлле турмысында көше бийлериниң хызметлери атап өтилди

Мәҳелледе аўызбиршиликти сақлаў, жаслар тәрбиясы ҳәм той-мерекелерди ысырапкершиликсиз өткериўде көше бийиниң атқаратуғын хызмети айрықша. Сонлықтан да олардың жумысларын жетилистириўде соңғы ўақытларда бир қатар илажлар жолға қойылмақта. «Ең үлгили көше бийи» таңлаўының өткерилиўи де олар арасында жумысларын белсендилик пенен алып барып атырған көше бийлерин белгилеп бермекте.
Хожели районында Тақыятас районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәҳәлле турмысында белсендилик ҳәм жуўапкершилик пенен жумыс алып барып атырған көше бийлери менен ушырасыў кешеси болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, район ҳәкими Ж.Ермашев, тийисли тараў жуўапкерлери ҳәм көше бийлери қатнасты.
Ушырасыў даўамында соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң итибары менен халқымыздың тыныш-татыў ҳәм абадан турмыста жасаўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып атырғанлығы, әсиресе мәҳәллелер турмысын жақсылаў, халық пенен тығыз ислесиў ҳәм олардың жағдайын жақсылыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылып атырғанлығы атап өтилди. Сондай-ақ, бундай ийгиликли жумысларда, әсиресе, аўыл-аймақлар турмысында белсендилик ҳәм жуўапкершилик пенен жумыс алып барып атырған мәҳәлле ақсақалларының хызметлери жоқары баҳаланып, олар арасында “Ең үлгили көше бийи” таңлаўы өткерилди.
Таңлаў нәтийжесине бола район басқышында “Муртазабий,” “Кулаб,” “Қырқыншы” мәҳәллелери сыйлы 1,2,3-орынларды ийелеп, ҳәр бирине бес миллион сумнан ақшалай сыйлықлар тапсырылды. Буннан тысқары, 25 мәҳәлле көше бийлери белсендилиги ушын бир миллион сумнан ақшалай сыйлық берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги