Нөкисте гезектеги көшпели қабыллаў өткерилди
11

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде, дүзилген реже-график тийкарында аймақларда тиккелей басқарма баслығының қатнасыўында көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилмекте.
Усындай көшпели қабыллаўлардан бири усы жылдың 30-январь күни Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлиминде шөлкемлестирилип, онда 10 ға шамалас пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, олардың екеўи орнында шешилген болса, қалғанлары айрықша қадағалаўға алынып, нызамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.



Ҳәзирги ўақытта Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының көшпели қабыллаўлары республика бойынша даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги