МОБ: Материаллық жәрдемге мүтәж балалар пайдасына 118 миллиард сум пул қаржылары өндирип берилди

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен 2025-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың жуўмақлары ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды белгилеў мақсетинде гезектеги коллегия мәжилиси болып өтти. Онда Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2025-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийжелер ҳәм жол қойылған кемшиликлер бойынша баянатлар тыңланды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары, Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў және суд ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып, суд-ҳуқық системасы түп-тийкарынан жетилистирилмекте.
– Басқарманың барлық аймақлық бөлимлери ҳәм районлараралық бөлиминиң мәмлекетлик орынлаўшылары ис жүргизиўиндеги улыўма баҳасы 5 триллион 879 миллиард 592 миллион сумды қурайтуғын 584 мың 704 орынлаў ҳүжжети бойынша мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери әмелге асырылды. Нәтийжеде 3 триллион 866 миллиард 659 миллион сумлық 375 мың 445 орынлаў ҳүжжети тамамланды, сондай-ақ, 1 триллион 485 миллиард 571 миллион сумлық 268 мың 999 орынлаў ҳүжжетлериниң әмелде орынланыўы тәмийинленди, – дейди Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Ислам Арзиев. – Сондай-ақ, алимент ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди өндириў бойынша 18 мың 861 орынлаў ҳүжжети бойынша орынлаў ҳәрекетлери алып барылып, 4 мың 898 орынлаў ҳүжжети тамамланды (ямаса сапластырылды). Ҳәзирги ўақытта усы жылдың басына қалып кеткен 13 мың 963 орынлаў ҳүжжети бойынша орынлаў ҳәрекетлери даўам еттирилмекте.
Материаллық жәрдемге мүтәж перзентлер пайдасына жәми 118 миллиард сум қаржы өндирилип, соннан 114 миллиард сум алимент алыўшылардың пластик карталарына өткерип берилди.


Мәжилисте тараў жумысындағы унамлы нәтийжелер менен бир қатарда, айырым районлық бөлим баслықлары ҳәм мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен жол қойылған қәте-кемшиликлер де сын көзқарастан додаланып, оларға интизамый жаза шаралары белгиленди.
Коллегия мәжилисиниң жуўмақлары бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги