Ағартыўшылық ҳәм раўажланыў: жаслар келешеги жолында

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында зиялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, спорт тараўының пидайылары қатнасыўында руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәлим-тәрбия бағдарында үлкен әҳмийетке ийе болған мәсләҳәтлесиў ушырасыўы болып өтти.
Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ. Қодиров басқарып барды.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының жуўаплы хызметкери С. Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М. Атамуратов, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығының биринши орынбасары Б.Алимов, орайдың бөлим баслығы А. Саидов, орайдың Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т. Атамуратов ҳәм бир қатар зиялылар қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар, елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслар, жаслар менен ислесиўде илим, билимлендириў, мәденият, көркем өнер менен спорттың орны, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемде илажлар алып барылып атырғанлығын атап өтти.
Зиялылар менен ашық пикирлесиў руўхында өткен ушырасыў даўамында жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларды ўатан сүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, бул бағдарда заманагөй қатнасты енгизиў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж жуўмағында билдирилген усыныс ҳәм басламаларды әмелиятқа енгизиў, тараўлар арасында өз ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм тәлим-тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли усыныслар ислеп шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги