Ескирген үйлер орнында – бахытлы өмир басланды

«Өз үйиң, өлең төсегиң» – деген гәп бийкарға айтылмаған. Себеби, шаңарақлы адамға кирейме-кирей жүрип күн кеширгеннен қыйын нәрсе жоқ.
Жаңа Өзбекстан шараятында «Инсан қәдири – ең жоқары қәдирият» деп есапланып, халықтың разы етиў ушын көплеген ири реформалар әмелге асырылды. Әсиресе, Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде шығарған арнаўлы Пәрман ҳәм қарарлары халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде айрықша орын тутпақта.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыслық шараятларды жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарары тийкарында, республикамыздың барлық аймақларында көплеген жумыслар әмелге асырылды.
– Нөкис қаласы бойынша усы қарар тийкарында, 1101 жәрдемге мүтәж пуқаралардың турақ жайының төбеси шиферланып, оғада аўыр шараятта жасап атырғанларға жаңадан үйлер қурып берилди, – дейди қала ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети басшысы Эльмира Сагалатдинова. – Бундай ийгиликли ислер қала ҳәкимлиги тәрепинен еле даўам етпекте.
– Жалғыз өзим перзентимди тәрбиялап, турақ жайымды оңлаў мүмкиншилигим жоқ еди, -дейди Исбилеменлер аймағы мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Қ. Мырзағалиева. – Ҳүрметли Президентимиздиң аталарша ғамқорлығының арқасында, бизлерге де барлық қолайлы шараятларға ийе заманагөй үй қурып берилди. Ҳәзир усы үйде тыныш-татыў, өз-ара аўызбиршилик пенен турмыс кеширмектемиз. Буның ушын елбасшыларына үлкен рахмет айтаман.
– Аймағымызда 577 хожалықта 2800 ден аслам халық жасайды, -дейди Исбилеменлер аймағы мәкан пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси Гүлара Бабаниязова. – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыслық шараятларды жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарары тийкарында, аўыр шараятта жасап атырған 3 хожалыққа жаңадан үй салып берилген болса, 150 хожалықтың үйлериниң төбеси шиферланды. Сондай-ақ, көшелерге қум-шағыл тас араласпасы төселип, ишимлик суў ҳәм газ тармақлары оңлап берилди. Халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
– Гөне жайымыз буннан елиў төрт жыл бурын салынып, тозыўы жетип тур еди, -дейди Туран мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Турдыгүл Абдижамилова. – Күйеўим ертеректе қайтыс болып, 3 перзент пенен қалған едим. Турмыстың ғалма-ғалы менен болып, жайымызды оңлай алмадық. Соның нәтийжесинде, төбемизден суў өтип әбигер болып жасап атырған едик. Президентимиздиң бизлердей социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша басламасы ҳәм республика ҳүкиметиниң қарары тийкарында, бизлерге де барлық қолайлы шараятларға ийе жаңа үй салып берилди. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигине үлкен рахмет айтаман. Илайым, берекет тапсын.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен шөлкемлестирилген медиатур даўамында, пайтахтымызда Президентимиздиң аталарша ғамқорлығы менен исленип атырған усындай ийгиликли ислерди көрип кеўлимиз көтерилип, усындай инсан қәдири жоқары болған, тыныш мәмлекетте жасап атырғаныма мақтаныш еттим.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы