Әке перзентлери ушын алимент пулларын мүддетинен алдын төледи

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының орынлаў ҳүжжетине бола, жуўапкер А.Р.дан оның бурынғы өмирлик жолдасының пайдасына бир перзентиниң тәмийнаты ушын ол ержеткенге шекем алимент өндириў белгиленген.
Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түскен болып, бөлим мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетлери алып барылды.
Орынлаў ҳәрекетлери даўамында, жуўапкер Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районы бөлимине келип, перзенти 18 жасқа толғанға шекем төлеўи керек болған алимент пулларын алдыннан төлеў тилегин билдирди. Сонда бөлим мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен жуўапкердиң перзенти ержеткенге шекем төлениўи керек болған алимент пуллары есаплап шығылған болып, бул сумма 18 миллион сумды қурады.
Жуўапкер есапланған алимент пулларын сол жердиң өзинде бурынғы өмирлик жолдасына өткерип берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги